Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери додаланды

2018-09-15 | Жәмийет

АҚШ Мәмлекетлик хаткери жәрдемшисиниң экономика ҳәм бизнес мәселелери бойынша биринши орынбасары Брайян Макфитерс басшылығындағы делегация елимизде болып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективаларына байланыслы сөйлесиўлер өткерди.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Жамшид Қўчқаров пенен ушырасыў ўақтында Өзбекстан менен АҚШ арасындағы өз-ара қатнасықларда унамлы өсиў бақланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 15-17-май күнлери АҚШқа рәсмий сапары өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланыўына күшли түртки берди. Сапар етиў шеңберинде мәмлекетлеримиз арасында нырқы 4,8 миллиард долларға тең 20 дан аслам шәртнамаға қол қойылғаны буны дәлиллейди.

Сөйлесиў ўақтында мийманларға елимизде аўыл хожалығы, энергетика тармақларын реформалаў, өним ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

– Биз мәмлекетлеримиз арасында басланған бирге ислесиўдиң жаңа дәўирин жоқары қәдирлеймиз, – деди Брайян Макфитерс. – Ашығын айтқанда, Өзбекстан финанс-экономика тараўында әмелге асырылып атырған салмақлы жумыслары менен бәршени лал қалдырмақта. Соның ишинде, биз салық системасы ҳәм жеке сектордағы жеңилликлер процеси, инвестиция тараўларында жаратылып атырған кең имканиятларды үлкен қызығыўшылық пенен бақлап бармақтамыз.

Өзбекстан АҚШқа әҳмийетли саўда шериклеринен бири сыпатында қарайды. Бул мәмлекеттиң кәрханалары менен саўда, инвестиция ҳәм жоқары технологиялар тараўларында өз-ара пайдалы байланыслар кеңейип бармақта. «General Motors», «General Electric», «John Deere», «Boeing», «Honeywell», «ExxonMobil», «Coca-Cola» компаниялары менен бирге ислесиў буған мысал болып табылады.

Ушырасыўда тәреплер мәмлекетлеримиз арасындағы конструктив сөйлесиўди даўам еттириўге қаратылған умтылысты оғада қәдирлейтуғынын айрықша атап өтти. Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаев пенен сөйлесиў ўақтында Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы ушын сөйлесиўлер процесин қайта тиклеў, Орайлық Азияда регионаллық экономикалық бирге ислесиўдиң перспективалары, сондай-ақ, усы жыл 15-19-октябрь күнлери елимизде «АҚШ бизнес ҳәптелиги»н өткериўге таярлық мәселелери додаланды.

Бул ҳәптелик биринши рет шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиў керек. Оның көлеминде АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Саўда ҳәм инвестициялар бойынша рамкалы келисим кеңеси (ТИФА) мәжилиси, Орайлық Азия саўда форумы ҳәм Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы өткерилиўи нәзерде тутылған. Орайлық саўда форумы Сыртқы саўда министрлиги ҳәм USAID пенен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Бул форум регионаллық саўданы раўажландырыў ҳәм Орайлық Азияда бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған жыллық ең ири илажлардан бири болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигинде болып өткен сөйлесиўде делегация ағзаларына елимизде «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, бизнести, электрон коммерцияны раўажландырыў ҳәм басқа да тараўларға информациялық технологияларды енгизиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берилди.

Мийманлар елимизде телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, ИТ-билимлендириў менен таныстырылды. ИКТ тараўында Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўиниң жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары көрип шығылды. «Microsoft», «Cisco», «IBM», «Oracle» сыяқлы Америка компаниялары менен бирге ислесиў туўралы сөз етилди.

АҚШ делегациясы сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиздиң басқа да министрликлеринде сөйлесиўлер  өткерди.

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться