Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЕЛИМИЗДЕ ТРАНСПОРТ МИНИСТРЛИГИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛЕДИ

2018-08-29 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни автомобиль транcпорты тараўында басқарыўды жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, транспорт хызметлери көлемин кеңейтиў мәселелери бойынша мәжилис өтти.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 6-марттағы қарарына муўапық Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги қайта шөлкемлестирилген еди. Бул бойынша 2018-2021-жылларда автомобиль транспорты инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Бағдарламаның орынланыўы шеңберинде 50 ден аслам жолаўшы тасыў бағдары ашылды, 9 автостанция қурылды, 82 жаңа автобус сатып алынды. Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға 5 халықаралық автобус қатнасы жолға қойылды.

Мәжилисте тараўдың раўажланыўына тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар да бар екени атап өтилди. Системадағы реформаларды избе-из даўам еттириў, заманагөй транспорт хызметин көрсетиў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Аўылдан қалаға шекем, районлараралық және қалалараралық жөнелислерде транспорт хызметин көрсетиў системасын ҳәм инфраструктурасын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысының көрсетпелерине муўапық енди транспорт хызмети жумысын муўапықластырыў ўазыйпасы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик оператор-диспетчерлерге бериледи.

Лицензияға ийе ҳәм тендер жеңимпазы болған жеке меншик оператор-диспетчер тийисли аймақ ямаса жөнелисте шәртнама тийкарында барлық транспорт хызметин көрсетиўшилерди бирлестирип, оларға бирден-бир платформа шөлкемлестириледи. Жеке меншик оператор-диспетчерлерге мәмлекетке қараслы 10115 автобәндирги, 17 автовокзал ҳәм автостанция тапсырылады.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер менен уйымларға усы жыл 1-декабрьге шекем усы системаны енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

Есап-санақлар бойынша, елимизде ҳәр 10 мың пуқараға 2 автобус туўра келеди. Бирақ аймақларда усы жөнелислердиң 30 процентинен асламы ислемей атыр. Халықаралық жолаўшы тасыўдың тек ғана 6 проценти (12 автобус, бар талап – 200 автобус) нызамлы жумыс алып барып атырған жолаўшы тасыўшылар тәрепинен әмелге асырылмақта.

Сонлықтан ўәлаятларда 13 автокәрхана шөлкемлестириў ҳәм олар ушын быйыл 400, кейинги жылдың ақырына шекем 780 «Исузу» автобусын сатып алыў керек.

Мәжилисте жүк тасыў системасына жеке секторды тартыў, хызмет көрсетиўди усынатуғын ҳәм қарыйдарларға экспедиторлық хызмет көрсетиўди енгизиў мәселелери де көрип шығылды.

Бул система рәсмий емес жумыс жүргизип атырғанлардың жумысын легалластырыў, хызмет көрсетиўшилерге ҳәм қарыйдарларға қолайлық жаратыў имканиятын береди.

Усы мақсетте Министрлер Кабинети жүк тасыўшыларға лицензия ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдараларын түп-тийкарынан қысқартыў, жеке меншик экспедиторлық шөлкемлердиң жумысын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етиўи керек.

Транзит жүк тасыў базарында бәсекиге шыдамлылықты арттырыў мәселелери додаланып, елимиз аймағы арқалы өтип атырған экспорт-импорт ҳәм транзит жүклериниң тек ғана 11 проценти миллий тасыўшылардың үлесине туўра келетуғыны, магистрал жол инфраструктурасы раўажланбай атырғаны, жолларда жанылғы қуйыў шақапшалары ҳәм мийманханалар жеткиликли емеслиги сынға алынды.

Мәмлекетимиз арқалы жүк тасыўды көбейтиў ушын сырт мәмлекетлер ҳәм ири компаниялар менен қосымша келисимлерге қол қойыў, Транс-Аўған, Транс-Кавказ, Транс-Қытай сыяқлы автомобиль жолларыннан пайдаланыўды жеделлестириў, жүк тасыўшылар менен биргеликте кәрханалар шөлкемлестириў, тараўға байланыслы халықаралық ҳүжжетлерге қосылыў, тийисли нызам жойбарын  ислеп шығыў ўазыйпалары қойылды.

Жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиў ушын тариф белгилеўдиң тәртип-қағыйдалары да талапқа жуўап бермейтуғыны атап өтилди. Қала автобус жөнелислеринде тарифлер ўәлаятлар арасында 1,7 есеге  парық береди, жөнелисли такси бойынша бул айырмашылық 6 еседен артады.

Министрлер Кабинети, Финанс министрлиги, «Өзавтотранс» агентлиги ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жолаўшы тасыў хызметлери ушын тарифлерди мәмлекет тәрепинен белгилеў тәртибин жетилистириўи зәрүр.

Транспорт хызметин көрсетиў тараўына информация-коммуникация технологияларын жедел енгизиў зәрүр. Жол ҳақы ушын пул төлеў елеге шекем ескише системада қалмақта. Мысалы Ташкент қаласында жол ҳақы ушын электрон төлем системасын енгизиў 3 жылдан берли созылып киятырғаны сынға алынды.

Мәжилисте пайтахтымыздағы жолаўшы тасыў системасын ҳәм инфраструктурасын жетилистириў мәселелери додаланды. Ташкент көшелериндеги бәндиргилерде автобуслардың келип-кетиў ўақтын көрсетип туратуғын электрон таблолар, бийпул Интернет, автобусларда мобиль қосымшалар ҳәм видеобақлаў қурылмалары жоқ. Жағдайды оңлаў ушын Ташкент қаласында жолаўшы тасыў системасын түп-тийкарынан жаңалаў концепциясының жойбарын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте «Өзавтотранспорт» агентлиги тәрепинен транспорт тараўын раўажландырыўды комплексли көрип шығыў бағдарында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў системасы елеге шекем қойылмағаны атап өтилди. Соның ушын автомобиль, темир жоллары ҳәм ҳаўа жоллары, метро ҳәм дәрья транспорты жумысын өз-ара муўапықластырыўшы, бул бағдарда бирден-бир сиясат жүргизетуғын мәмлекетлик уйымды шөлкемлестириў зәрүр.

Жуўапкер адамларға Транспорт министрлигин шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться