Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ЕВРОПА ТИКЛЕНИЎ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎ БАНКИНИҢ ПРЕЗИДЕНТИН ҚАБЫЛЛАДЫ

2018-08-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-август күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Сума Чакрабартиди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекстан менен ЕТРБ арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў жоқары пәтлерде раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылдың март айында Ташкентте болып өткен ушырасыўдан кейин тәреплер биргеликте кең көлемли жумысларды әмелге асырып, дәслепки анық нәтийжелерге еристи.

Бул дәўирде банк тәрепинен елимизде исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған жойбарларды қаржыландырыў ушын улыўма қуны 190 миллион доллардан аслам кредит қаржылары ажыратылды.

Бүгинги күнде аўыл инфрастурктурасын раўажландырыў ҳәм турақ жай қурыў, энергетика тармағы ҳәм коммуналлық хожалық объектлерин модернизациялаў, бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа бағдарларда улыўма қуны 1 миллиард доллардан аслам перспективалы жойбарлар көрип шығылмақта. Соннан қуны 600 миллион долларға шекемги жойбарларды жақын айларда мақуллаў режелестирилмекте.

Усы жылдың сентябрь айында қабыл етилиўи мөлшерленген ЕТРБның Өзбекстан менен бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў жумыслары жуўмақланбақта.

Буннан тысқары, өткен жылдың ноябрь айында банктиң Ташкенттеги ўәкилликли уйымы өз жумысын тикледи, елимиз аймақларында оның филиалларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

ЕТРБ экспертлери елимизде сырт ел қаржы институтларының қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм турмысқа енгизиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жаңа тәртипти ислеп шығыўда белсене қатнасты.

Сондай-ақ, Өзбекстанда энергетика секторын реформалаў ҳәм қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў бойынша узақ мүддетли бағдарлама ислеп шығыў шеңберинде биргеликте жумыс алып барлмақта.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, бәринен бурын, тийкарғы тармақлардағы реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың стартегиясын ислеп шығыў, кәрханаларды меншиклестириўге таярлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, аймақларды комплексли раўажландырыў, сондай-ақ, елимиздиң экономикасына жеке меншик инвестицияларды тартыўға қаратылған жаңа бағдарламалар ҳәм жойбарлар менен байытыў мәселелери додаланды.

Сума Чакрабарти Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында жаңа басқышта әмелге асырылып атырған, елдиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға, сондай-ақ, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайының көтерилиўине хызмет етип атырған реформаларды ҳәм өзгерислерди, экономикадағы либералластырыў процесслерин жоқары баҳалады.

ЕТРБ басшысы Өзбекстан Президентиниң өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, Орайлық Азияда тынышлықты, турақлылықты ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған басламаларының үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтип, оларды қатаң қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўларды қоллап-қуўатлаў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде банктиң Өзбекстан менен шериклигин буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться