Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Перспективалы жойбарлар халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм елдиң абаданлығына хызмет етеди

2018-05-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, реформалар процеси, ири жойбарлар менен танысыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2-май күни Наманган ўәлаятына барды.

Наманган ўәлаяты елимиздиң экономикалық потенциалы жоқары, бай тарийхқа ҳәм мәдениятқа ийе аймақларынан бири. Соңғы жыллары ўәлаяттың социаллық-экономикалық турмысы түп-тийкарынан жаңаланып, қала менен аўыллардың көриниси күн сайын өзгерип бармақта, халықтың турмыс абаданлығы артпақта.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Чуст районындағы «Барака мева саноат сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығы өнимлерин, соның ишинде, мийўе-овощ жетистириўге, қайта ислеўге ҳәм экспорт етиўге бағдарланған жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң 2018-жыл 29-марттағы «Өзбекстан Республикасында мийўе-овощ жетистириўди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы экспортқа қолайлы мийўе-овощ өнимлерин жетистириў көлемин көбейтиўде, улыўма, бул тараўды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Бул жуўапкершилиги шекленген жәмийет 2015-жылы жумысын ғоза, кишмиш ҳәм ковул экспортынан баслаған. Жәмийет қарамағындағы егислик жерлерде ғәлле, айғабағар, лобия, картошка, мәкке, ыссыханада помидор тәрбияланбақта. 17 сотихлы участкада аўыл хожалығы өнимлери тәжирийбеден өткерилип атыр. 32 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Мәўсим ўақтында жумысшылардың саны 800 ден артады.

Жойбар шеңберинде  160 гектар жерге зүрәәтли ғоза нәллери егилмекте. Оның улыўма нырқы 9,6 миллиард сум болып, жылына орташа 4 мың 600 тонна ғоза жетистириледи. Ғозалар толық өнимге кирсе, бир жылда 40,2 миллиард сумлық өним алыў мүмкин, оның 70 проценти экспорт етиледи.

Сол жердиң өзинде 2018-2019-жылларда балықшылықты, қусшылықты, шарўашылықты, пиллешиликти жолға қойыў, қыйтақ жерди еле де раўажландырыў, ыссыханада лимон жетистириў, тутзарларды шөлкемлестириў, аўыр аймақлардағы атызлардың суў тәмийнатын жақсылаў, пахтадан босаған жерлерге ҳәр түрли егинлер егиў ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер жетистириў, ўәлаяттың экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў  бойынша жойбарлардың көргизбеси де өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы ғоза атызларын көбейтиў, балықшылық бойынша қәнигелер таярлаў, картошка туқымшылығын раўажландырыў бойынша жуўапкер шахсларға тапсырмалар берди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиўде киши санаат зоналарының айрықша орны бар.

Президентимизге Наманган қаласындағы «Орзу» киши санаат зонасында әмелге асырылып атырған жойбарлар усынылды.

Санаат зонасының аймағы он гектарға шамалас жерди ийелейди. Бул жерде жеңил санаат, азық-аўқат, медициналық техника, полиграфия, полиэтилен пакетлер ҳәм плёнкалар, энергияны үнемлеўши лампалар ислеп шығарыўға   тийисли улыўма нырқы 142 миллиард сумнан аслам 22 жойбарды әмелге асырыў мөлшерленген. Жойбарлар турмысқа толық енгизилгеннен соң, жылына  82,2 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады, 4 мыңға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Ислеп шығарылып атырған өнимлердиң тийкарғы бөлеги экспортқа бағдарланады.

Усы жылдың май айының ақырына шекем тигиўшилик өнимлерин ислеп шығаратуғын «Порлоқ текстиль либослари», «Нуробод сифат текстиль», «Улуғ-Б», «Босир текстиль сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери жумыс баслайды.

Санаат зонасының заманагөй коммуникация тармақларына ҳәм инфраструктура объектлерине жақын аймақта шөлкемлестирилгени кәрханаларды келешекте энергия ҳәм басқа да ресурслар менен үзликсиз тәмийинлеў имканиятын жаратады. Жойбарларда заманагөй, энергияны үнемлеўши шет ел технологияларынан пайдаланыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң машқалаларын шешиў, шийки зат жеткерип бериў ҳәм өнимин сатыўға көмеклесиў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди. Шет ел технологияларын алып келиў ушын қаржы ажыратыў, экспортты кеңейтиўге кәрханаларға халықаралық статус бериў зәрүрлигин атап өтти.

Наманган қаласында жеңил санаатты раўажландырыў, соның ишинде, «Юксалиш», «Орзу», «Пахталикўл», «Хонобод» санаат зоналарында әмелге асырылатуғын жойбарлар, Үлкен Ферғана каналының Үшқорған районы аймағынан өткен бөлегинде киши ГЭСлердиң каскады қурылысы, «Водий нефтьгаз энергия» кәрханасында ислеп шығарылған газ тармағының қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын инновациалық қурылманың көргизбелери өткерилди.

Президентимиз бул жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берди.

Буннан соң Шавкат Мирзиёев Норин районындағы «Беш сада» фермер хожалығының дала шертегинде Наманган ўәлаятының фермерлери менен сөйлести.

«Беш сада» фермер хожалығы 2004-жылы шөлкемлестирилген. Далимжан Шәрипов басшылығындағы хожалық жумыслары быйылғы жылы 27 гектарда ғәлле, 21 гектардан аслам жерде ғаўаша тәрбияламақта.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни деп белгиленди. Мәмлекетимиз басшысы усы мүнәсибет пенен 2017-жыл 9-декабрь күни өткерилген салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде пахта атызларында зүрәәтликти арттырыў ҳәм жерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде шигитти «қосқатар» ҳәм «алпыслық» схемалар тийкарында егиўди жолға қойыў ҳәм нәтийжесиз болған «тоқсанлық» схемасынан басқышпа-басқыш ўаз кешиў зәрүрлигин атап өткен еди. Бүгин ўәлаяттың фермер хожалықлары усы көрсетпелер тийкарында ғаўаша тәрбиясын заманагөй технологиялар тийкарында жолға қойған.

«Беш сада» фермер хожалығы да  ғаўашаны «қосқатар» схемасы тийкарында егиўди енгизди. Соның нәтийжесинде 1 гектар жерге қосымша 35 мың дана шигит егилип, зүрәәтлиликти 40 центнерге шекем арттырыў имканияты пайда болды.  Ғәлле өнимдарлығы 80 центнерге шекем шығарылып, алынатуғын сап пайда 35 миллион сумға жетиўи күтилмекте.

Президентимиз елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз етип, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы тараўларында исленетуғын жумыслар еле көп екенлигин атап өтти.

– Барлық ис-ҳәрекетлеримизден тийкарғы мақсет халқымызды разы етиў, ертеңги күнге исендириў,-дейди Шавкат Мирзиёев.

Тәжирийбели дийқанлар Президентимизге фермерлер ушын жаратылған шәраятлар ҳәм имканиятлар, мәмлекет тәрепинен қаратылып атырған айрықша итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

Шавкат Мирзиёев Үшқорған районындағы «Uztex Uchkorgan» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Өткен жылы ноябрь айында Uztex топары қурамында заманагөй типтеги тоқымашылық комплекси жумыс баслаған еди. Нәтийжеде бул жерде 1 мың 600 ден аслам жумыс орны жаратылды. Кәрхана жылына 12 мың тонна ийирилген жип ҳәм 3 миллион дана таяр трикотаж өнимин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола пахтаны  100 процент қайта ислеўге қәнигелескен кәрхана енди толық кластер усылына өтеди.

Президентимизге кәрхана жумысын кеңейтиў ҳәм кластер системасында әмелге асырылатуғын жойбарлар усынылды. Ҳәзирги күнде кәрханаға жақын аймақта пахтаны жоқары технологиялар тийкарында қайта ислеўге мөлшерленген және полиэфир араласқан пахта талшығы, мамық материал ҳәм таяр текстиль ислеп шығарылатуғын қосымша қуўатлықлардың пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилмекте. Әҳмийетлиси, және көплеген жумыс орынлары жаратылады. Технологиялық процесслерге Европа мәмлекетлеринен алып келинетуғын үскенелер тартылады. Бул жергиликли пахта шийки затын қайта ислеў сапасын ҳәм экспорт көлемин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин көзден өткерди, пахта тоқымашылық кластерин шөлкемлестириў бойынша жумыслар менен қызықсынды.

Быйыл районда 10 мың гектарға шамалас жер майданы кластер усылында пахта жетистириў ушын ажыратылды. «Текстиль финанс Наманган» кәрханасы тәрепинен шет елден егис техникалары, культиваторлар, тракторлар, пахта теретуғын ҳәм оны орайтуғын комбайн сатып алынды.

Президентимиз кәрхананың жуўапкер адамларына пахтаға жасалма талшықты араластырып, өнимниң көлемин ҳәм жумыс орнын, соның нәтийжесинде бюджетке салық түсимин көбейтиў бойынша анық көрсетпелер берди. Сондай-ақ, айланыстағы қаржыларды арттырыў есабынан райондағы  кем тәмийинленген шаңарақларға мәйекти ҳәм таўықты лизингке бериў кереклигин атап өтти.

– Кем тәмийинленген шаңарақларға көмеклесиў, оларға ғамхорлық көрсетиў  «Uztex Uchkorgan» кәрханасының брендине айланыўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев. – Сол арқалы халықтың мүтәж қатламын ислеўге, жақсы жасаўға үйретемиз, өмирге болған исенимин арттырамыз.

Районда кластер системасында шигит егиўден баслап таяр өним ислеп шығарыўға шекемги болған процессти сапалы шөлкемлестириў, 2 жаңа бақша қурыў, ишимлик суўын ҳәм канализация тармақларын қурыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сол күни Норин районы ҳәкимлигинде ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти. Видеоселектор түринде өткен мәжилисте ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, билимлендириў, медицина тараўларын жетилистириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться