Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашылмақта
2018-04-05 | Жәмийет
Түркия Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алған ҳәм сол тәризде елимиздиң дүнья картасындағы жаңа мәмлекет сыпатында тән алыныўын баслап берген еди.
Өзбек ҳәм түрк халықларын әзелий дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары байланыстырып турады. Қалаберди, Түркияның раўажланған санааты, транспорт коммуникациялары, теңиз жоллары, аўыл хожалығы, туризм потенциалы, үлкен мәмлекетшилик тәжрийбеси Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе.
Түркия ҳәр қыйлы тараўларда өрнек болса арзыйтуғын дәрежеде раўажланған, экономикалық потенциалына бола, дүньядағы үлкен жигирмалыққа киретуғын мәмлекетлерден бири. Елимиздиң экономикасында санааттың үлеси 28 процент, аўыл хожалығы-15, қурылыс-6, хызметлер-51 процентти қурайды. Санаат өндирисиниң улыўма көлеминде қайта ислеў санааты ең үлкен үлеске ийе. Пүткил ел бойынша киши бизнес ҳәм жеке меншик субъектлери санаат өнимлерин ислеп шығарыўға салмақлы үлес қосып келмекте. Тоқымашылық, кәншилик, азық-аўқат, фармацевтика тармақлары, энергетика, металлургия, кеме қурылысы, машина қурылысы ҳәм электрон турмыслық товарлар ислеп шығарыў кеңнен раўажланған. Әсиресе, туризм избе-из раўажланып атырған тараўлардан бири болып есапланады.
Түркияның усы тараўлардағы жетискенликлерин үйрениў, экономиканы модернизациялаў бойынша алып барылып атырған реформаларда усы мәмлекеттиң алдынғы тәжрийбелеринен пайдаланыў, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған қоспа жойбарларға түрк исбилерменлериниң ҳәм компанияларының инвестицияларын тартыў елимиздиң мәплерине толық сәйкес келеди.
Өз гезегинде, Өзбекстан да Түркияның регионымыздағы сыртқы сиясатында әҳмийетли орын ийелейди. Елимиз бүгинги күнде Анкараның Орайлық Азиядағы тийкарғы шериклеринен бири болып есапланады. Өзбекстанның үлкен базары, барған сайын либералласып атырған экономикасы, қолайлы инвестициялық орталығы, тарийхый қалалары ҳәм муқаддес диний орынлары Түркияда үлкен қызығыўшылық оятпақта. Демек, бирге ислесиўди беккемлеўден ҳәр еки тәреп те мәпдар болып, бул өз-ара қатнасықлар перспективалы екенинен дәрек береди.
Өзбекстан-Түркия қатнасықлары избе-из раўажланып бармақта ҳәм унамлы өсиў тенденциясы бирге ислесиўдиң барлық тараўларында анық көзге тасланбақта. Бүгинги күнде елимизде Түркияның 500 ге шамалас фирма ҳәм компаниясы жумыс алып бармақта. 2016-жылы еллеримиз арасындағы өз-ара саўда көлеми 1,2 миллиард АҚШ долларын қураған болса, 2017-жылдың тоғыз айында товар алмасыў көлеми 29 процентке артты. Өткен жылдың өзинде елимизде түрк исбилерменлери инвестициясының қатнасыўында 20 дан аслам кәрхана шөлкемлестирилди, 53 компанияның ўәкилханалары уйымлары аккредитациядан өткерилди. Усы санлардың өзи-ақ Өзбекстан-Түркия қатнасықларында қаншелли үлкен потенциал бар екенлигин көрсетеди.
Соңғы жылларда еллеримиздиң қатнасықларында жаңа бет ашылды. Буны Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдўғон арасында болып өткен бир қатар ушырасыўлар анық тастыйықлайды. Соның ишинде, Режеп Таййип Эрдоғанның 2016-жылы ноябрь айында Самарқандқа сапары, 2017-жыл май айында Пекинде болып өткен «Бир мәкан, бир жол» форумында, сентябрь айының басында Астана қаласында өткерилген Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша саммити және 20-сентябрьде БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясы шеңберинде еки мәмлекет басшылары ушырасып, еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалары ҳаққында пикирлесип алды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 25-26-октябрь күнлери Түркияға мәмлекетлик сапары мине усы сөйлесиўлердиң логикалық даўамы болды. Сапар барысында болып өткен сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан менен Түркия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, аўыл хожалығы, транспорт, туризм, илим ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Нәтийжели өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан-Түркия арасындағы бирге ислесиўдиң түрли тараўларына байланыслы 20 дан зыят ҳүжжетке қол қойылды. Олар арасында Президентлер тәрепинен қол қойылған Биргеликтеги билдириў айрықша орын ийелейди.
Елимиз басшысы сапар етиў даўамында еки елдиң парламентлераралық байланысларына да итибар қаратты. Түркияның Уллы миллет мәжилисинде болып, оның жумысы менен жақыннан танысыў процесинде парламентлераралық байланысларды беккемлеў, олардың нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў түрлери бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўы мәселелерине айрықша итибар берди.
Президентимиздиң сапары шеңберинде Стамбул қаласында болып өткен еки ел қаржы ҳәм исбилермен топарларының ушырасыўында ири энергетика объектлерин ҳәм жол инфраструктураларын қурыў, тоқымашы өнимлерин, электр буйымларын, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат ҳәм агросанаат тармағында заманагөй санаат ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў тараўларында 3,5 миллиард доллар көлеминдеги 30 дан аслам жойбар бойынша келисимлерге қол қойылғаны еки тәреплеме экономикалық қатнасықларға жаңа пәт бағышлады.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев жақын жылларда Өзбекстан менен Түркия арасындағы товар алмасыў көлемин 3-4 миллиард долларға жеткериў бойынша келисимге ерисилгени еки ел исбилерменлери ушын кең имканиятлар жарататуғынын айрықша атап өтти.
Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның Өзбекстанға режелестирип атырған сапары еллеримиз арасындағы қатнасықларды буннан былай да жоқары дәрежеге алып шығыўға ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли перспективаларын белгилеп бериўге хызмет етеди. Қол қойылыўы күтилип атырған ҳүжжетлер ҳәм келисимлер туўысқан халықларымыздың дослығын ҳәр тәреплеме беккемлейтуғынына гүман жоқ.
Баҳром СОТИБОЛДИЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық
излениўлер институтының бөлим баслығы.