Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан ҳәм Түркия Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2018-02-07 | Сиясат

2017-жыл 7-февраль күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуғон менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўде еки мәмлекет басшылары 2017-жыл октябрь айында Түркия Республикасына әмелге асырылған жоқары дәрежедеги нәтийжели сапар етиў көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы Өзбекистан-Туркия бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы тарийхый сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша ерисилген анық келисимлердиң ҳәм  қол қойылған шәртнамалардың орынланыўы, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық, банк-қаржы, транспорт, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўлардағы ири қоспа жойбарларды таярлаў, ҳәм әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Бул келисимлерди турмысқа толық ҳәм өз мүдетинде енгизиў, әҳмийетли жойбарларды жетилистириў мақсетинде еки мәмлекет ҳүкиметлери арасында турақлы түрде сөйлесиўлер алып барыўы ҳәм ушырасыўлар өткериўи бойынша келисип алынды.

Режеп Таййип Эрдуған  Өзбекистан Түркия пуқаралары ушын 30 күн мүддетке визасыз режим енгизиў бойынша қарар қабыл етилгенлигин жоқары баҳалап, мәмлекетимиз басшысы  Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Өзбекистан Президенти бул нызам жоқары дәрежедеги ушырасыўлар шеңберинде ерисилген келисимлердиң әмелий нәтийжеси екенин айрықша атап өтти. Бундай қарардың қабыл етилиўи саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм туризм тараўларында жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет ететуғынын ҳәм, ең тийкарғысы, туўысқан халықлар арасындағы дослық байланысларын буннан былайда беккемлеп. Түркия пуқараларының Өзбекистанға келиўи ушын кең жол ашып беретуғынын атап өтти.

Сөйлесиўде халықаралық ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия Республикасы делегациясын регионда тынышлықты, татыўлықты ҳәм турақлы раўажланыӯды тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың март айында Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў бойынша халықаралық конференцияға мирәт етти.

Өз гезегинде, Режеп Таййип Эрдуғон бул басламаны жоқары баҳалап, оны қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм усы илажда Түркиядан жоқары дәрежедеги ўәкиллер қатнасатуғынын билдирди.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары Өзбекистан ҳәм

Түркия арасындағы әзелий дослық ҳәм туўысқанлық байланысларды  ҳәм де дәстүрий тығыз бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыӯға ҳәм беккемлеӯге таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуғонға елимизге мәмлекетлик сапар менен келиўге мирәт етти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться