Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қырғызстан Президентиниң сапары жуўмақланды
2017-12-14 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков 14-декабрь «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген елимизде ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбеси менен танысты.
Көргизбеде елимиздиң соңғы жылларда экономика саласында ерискен табыслары, санааттың ҳәр қыйлы тармақларында жумыс ислеп атырған компаниялардың өнимлери, илимий-өндирислик орайларының инновациялық жойбарлары менен қолланбалары таныстырылмақта.
Президентлер еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда бундай көргизбелер үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Қырғызстан Президенти елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлерге жоқары баҳа берди.
Сооранбай Жээнбеков Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен ушырасты.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қырғызстан Республикасына мәмлекетлик сапар етиўи ўақтында қол қойылған Парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум бул саладағы байланысларды раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Сооранбай Жээнбеков усы жыл елеримиз арасындағы қатнасықлар тарийхында түпкиликли бурылыс дәўири болғаны, бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежесин сақлап қалыў ҳәм избе-из даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти.
Барған сайын раўажланып атырған бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын беккемлеў мақсетинде өз-ара сапарларды әмелге асырыў, нызамшылықтағы жаңалықлардан бир-бирин хабардан етип барыў бойынша пикир алысылды.
Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси делегациясының 21-декабрьде Өзбекистанға сапар етиўи парламентлераралық байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбекеов Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Арипов пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз орайының мәлим етиўинше, Қырғызстан Республикасы Президентиниң елимизге рәсмий сапарының жуўмағы бойынша саўда ҳәм кооперация саласында улыўма баҳасы дерлик 140 миллион АҚШ доллары болған келисимлер менен шәртнамаларға қол қойылды.
Усының менен Қырғызстан Республикасы Президентиниң рәсмий сапары жуўмақланды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбековты Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында шығарып салды.