Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан ҳәм Латвия арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының жигирма бес жыллығына
2017-11-02 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы менен Латвия Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 3-ноябрь күни 25 жыл толыўы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бирин-бири қутлықлады.
Латвия Президенти Раймондс Вейонистиң қутлықлаў хатында былай делинеди: «Өзбекистан Орайлық Азия регионындағы ең жақын шериклеримизден бири есапланады. Соңғы 25 жыл ишинде жедел әмелге асырылған жоқары сиясий дәрежедеги сапар етиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм дослықтан дәрек береди».
«Пурсаттан пайдаланып, Латвия Сиз уллы мәртебели Мырза тәрепинен Өзбекистанда әмелге асырылып атырған кең көлемли мәмлекетлик реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлайтуғынын билдириўге рухсат еткейсиз, – делинеди Латвия басшысының хатында. – Нызам үстемлигин беккемлеў, экономика ҳәм басқарыў салаларын модернизациялаў жолындағы ҳәрекетлер Өзбекистанның үлкен раўажланыў потенциалын жүзеге шығаратуғынына исенемен».
Раймондс Вейонис Латвия ҳәм Өзбекистан арасындағы дослық қатнасықлар буннан кейин де раўажланып бара беретуғынына беккем исеним билдирген.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев өзиниң хатында «тарийх жағынан қысқа дәўирде мәмлекетлеримиз арасында беккем дослық байланыслары, жоқары дәрежедеги өз-ара түсинисиў ҳәм исенимге тийкарланған шерикшилик қәлиплести. Бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиў раўажланып бармақта», деп атап өтилген.
Мәмлекетимиз басшысы «сиясий, саўда-экономикалық, инновациялық, транспорт ҳәм мәдений-гуманитар тараўлардағы өз-ара пайдалы, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў тәрепдарымыз», деп атап өткен және Өзбекистан ҳәм Латвия арасындағы көп қырлы қатнасықлар бирликтеги ҳәрекетлер менен буннан кейин де беккемлениўине исеним билдирген.