Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси ҳаққында
2017-11-01 | ҒМДА
Ташкент қаласында 2017-жыл 3-ноябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси болып өтеди.
Армения Бас министри Карен Карапетян, Беларусь Бас министри Андрей Кобяков, Қазақстан Бас министри Бакитжан Сагинтаев, Қырғызстан Бас министри Сапар Исақов, Россия Бас министри Дмитрий Медведев, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзода, сондай-ақ, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев мәжилисте қатнасатуғыны тастыйықлаған.
Бул ушырасыўда Әзербайжан менен Түркменстаннан Бас министрдиң орынбасарлары, Молдовадан елдиң ҒМДА уставы шеңбериндеги ҳәм басқа да уйымлардың жанындағы толық ҳуқықлы ўәкили қатнасады.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҒМДА мәмлекетлери делегацияларының басшыларын қабыл етиўи күтилмекте.
ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң Ташкентте дәслепки мәрте болып өтип атырған мәжилисиниң күн тәртибине 18 ҳүжжет жойбарлары киргизилген.
Тар шеңбердеги мәжилисте ҒМДА мәмлекетлери арасындағы өз-ара байланыслардың әҳмийетли мәселелери бойынша еркин пикир алысыў, сондай-ақ, Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў сәнеси бойынша келисип алыў нәзерде тутылған.
Делегация ағзаларының қатнасыўындағы кеңейтилген мәжилисте Дослық Аўқамы еллери арасындағы саўда-экономикалық байланыслар, соның ишинде, еркин саўда зонасы шеңбериндеги бирге ислесиў, нефть ҳәм газ машина қурылысы, мелиорациялар менен товарлардың бажыхана баҳалары мәселелери додаланады.
Дәстүрге бола мәжилис шеңберинде Дослық Аўқамы мәмлекетлери делегацияларының еки тәреплеме бир қатар ушырасыўлары болып өтеди.
ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңеси мәжилисиниң илажларында рәсмий делегация ағзаларынан ҳәм журналистлерден ибарат 200 ден аслам мийманның қатнасыўы күтилмекте.