Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан ҳәм Россия Қураллы Күшлериниң биргеликтеги шынығыўлары шеңберинде илимий әнжуман өткерилди
2017-10-05 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министрлиги Қубла-батыс арнаўлы әскерий округиниң «Фориш» таў-дала оқыў майданында даўам етип атырған Өзбекистан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Қорғаныў министрликлери әскерий бөлимшелериниң арнаўлы тактикалық-оқыў шынығыўлары шеңберинде «Өтиў қыйын болған таўлы аймақларда нызамсыз қуралланған күшлерди жоқ етиў бойынша антитеррор операцияларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў» темасында әскерий илимий конференция өткерилди.
Конференцияда Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына мәмлекетлик сапар етиўи еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли бағдары менен перспективаларын белгилеп бергени атап өтилди. Еки мәмлекет әскерлериниң биргеликтеги оқыў шынығыўлары бул бирге ислесиў барлық салаларда избе-из раўажланып атырғанына және бир мысал бола алады.
Өзбекистан Республикасы сыртқы сиясатта әскерий блокларға қосылмаў, басқа еллердиң аймағында әскер сақламаў ҳәм өз аймағына басқа елдин әскерлерин киргизбеў сиясатына қатаң әмел етиў менен бирге, халқымыздың тынышлығын сақлаўдың кепили болған миллий армиямызды модернизациялаўды избе-из даўам еттирмекте. Сол мақсетте әскерлеримизди ең заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, шет еллер менен әскерий бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Конференцияда Өзбекистан ҳәм Россия арасында раўажланып атырған стратегиялық бирге ислесиў ҳәр еки ел халықларының тынышлықты және татыўлықты сақлаўдай ийгиликли мақсетлерге хызмет етип атырғанына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, дүньяның айырым аймақларында ҳүким сүрип атырған бузғыншылықлар, түрли идеологиялық гүреслер ақыбетинде қураллы соқлығысыўлар келип шығып атырғаны тынышлық ҳәм раўажланыў жолында бирге ислесиўди күшейтиўди талап етпекте.
-Бул конференцияда бүгинги қыйын геосиясий жағдайдың келип шығыў себеплери ҳәм оны сапластырыў жоллары илимий жақтан талқыланып, ҳәр қыйлы қәўиплердиң алдын алыўда мәмлекетлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша усыныслар, жуўмақлар ортаға тасланды,-дейди Қубла-батыс арнаўлы әскерий округи әскерлери сәркардасы орынбасары, подполковник Полат Сотиволдиев.-Дүнья жүзинде әскерий-сиясий, миллий ҳәм глобал жағдай кескин өзгерип атырған бүгинги күнде бул бирге ислесиў, айрықша, үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекистан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы әскерлериниң қолайсыз таўлы аймақлар шараятында нызамсыз қуралланған күшлердиң қәўпин қайтарыў ҳәм жоқ етиў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўға қаратылған биргеликтеги оқыў шынығыўлары бул бағдардағы әмелий қәдем болды.
Биргеликтеги оқыў шынығыўлары шеңберинде мәдений-ағартыўшылық, спорт илажлары да шөлкемлестирилмекте.
Т.БЕКНАЗАРОВ,
ӨзА ның хабаршысы