Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
БИЙБАҲА МӘДЕНИЙ МИЙРАСЫМЫЗ ДӘСТҮРЛЕРИ
2017-05-16 | Мәденият
«Өзбекистан мәдений мийрасы – халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы сөйлесиўге жол» темасындағы халықаралық илимий-мәдений конгресс 16-май күни Самарқандта даўам етти.
Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы тәрепинен «Раўажланыў стратегиясы» орайы, Өзбекистан Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, ЮНЕСКО ҳәм Германияның Конрад Аденауэр атындағы қорының елимиздеги ўәкилханалары менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда елимиздиң ҳәм шет еллердиң илимпазлары, ҳалықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, тараў қәнигелери ҳәм экспертлер дәслеп Мырза Улығбек медресеси ҳәўлисинде «Шығысқа тән гилем базары – ғәрезсиз Өзбекистан гилемшилигиниң ең жақсы үлгилери» көргизбеси ҳәм усы жойбар шеңбер китапларды таныстырыў мәресиминде қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары Өзбекистан өзиниң бай мәдений мийрасы, руўхый қәдирият, илим ҳәм билимлендириў саласындағы үлкен табыслары менен инсаният прогрессине шексиз үлес қосқанын айрықша атап өтип, ғәрезсизлик жылларында усы мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, миллий үрп-әдет ҳәм байлықларды даўам еттириў ушын мәмлекетимиз тәрепинен кең имканиятлар жаратылғанын атап өтти. Халық әмелий көркем өнери ҳәм миллий өнерментшилик дәстүрлериниң теңи-тайы жоқ бағдарлары тикленип, илимий изертленди. Бүгүнги күнде олар жас аўлад тәрепинен ылайықлы түрде даўам еттирилмекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен қабыл етилген 2017-2021 - жылларда Өзбекистан Республикасын және де раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да мәденият, илим, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип, избе-из әмелге асырылмақта.
Мийманлар Самарқанд гилемшилик ҳәм кестешилик өнимлериниң үлгилерин көзден өткерди, ата-бабаларынан мийрас кәсипти даўам еттирип атырған өнерментлер, исбилерменлер менен сәўбетлести. Бийтәкирар көркем өнер шығармасы дәрежесине көтерилип атырған Самарқандтың жипек гилемлерин, кестелерин таң қалып тамашалап, олардың таярланыў процесин бақлады.
- Дүньяның ең ири ҳәм белгили музейлеринде Өзбекистаннның тарийхы, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларына байланыслы сийрек ушырасатуғын тарийхый экспонатлар, китап ҳәм қолжазбалар көп, -дейди «Өзбекистан мәдений мийрасы» жойбарының ҳалықаралық координаторы, россиялы Андрей Зибкин. – Жойбарды әмелге асырыў процесинде буның және бир мәрте гүўасы болдық. Әнжүман шеңберинде көрген ҳәм еситкенлеримизден жуўмақ шығарып айтыў мүмкин, бүгин таярланып атырған сүўретлеў ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилери, миллий өнерментшилик буйымлары, изертленип атырған илимий дәреклер ҳәм бул жердиң тарийхы менен мәденияты адамзаттың бийбаҳа байлығы сыпатында жоқары қәдирленеди. Самарқандтың ҳәр бир археологиялық естелиги, бул жерде көрсетилип атырған сийрек ушырасатуғын тарийхый материаллар таң қалдырып ҳәўесимизди арттырмақта.
Мырза Улығбек медресесинде өткерилген Өзбекистан көркем өнериниң өзине тәнлигине ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетине бағышланған мәжилисте шет ел және жергиликли илимпаз, халықаралық экспертлер өзбек халық әмелий көркем өнери дәстүрлери, Шығыс ҳәм Батыс арасындағы мәдений байланысларды жолға қойыўда Уллы жипек жолының орны, Маўераннаҳр китап басып шығарыўшылық көркем өнери бойынша баянатлары ҳәм усыныслары менен қатнасты. «Өзбекистан мәдений мийрасы дунья топламларында» жойбары шеңберинде таярланған китап-альбомларды баспаға таярлаў процеси туўралы сөз етилди.
Елимизде илим, көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўы оғада узақ өтмишке барып тақалатуғыны атап өтилди. Ата-бабаларымыз буннан e мың жыллар бурын ҳәзирги заманагөй илимниң ирге тасын қойған ҳәм раўажландырған. Бизлердиң жеримизден жетисип шыққан уллы илимпазлар астрономия, математика, медицина илимлериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Бул бағдарда өзине тән мектеплер жаратылған. Әсиресе, Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўиринде Маўераннаҳрде илим менен бирге, миллий өнерментшилик, қала қурылысы раўажланған. Шығыстың жетик илимпазлары, сүўретшилери, уста ҳәм өнерментлери Самарқандта жәмлескен.
Саҳыпқыранның ақлығы Мырза Улығбек тәрепинен салынған обсерватория ҳәм медреседе Шығыс ҳәм Батыстан жүзден аслам талабанлар келип астрономия, математика ҳәм басқа да пәнлерди үйренген.
- Өзбекистан жеринде дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқан көплеген илимпазлар камалға келгени ҳаққында еситкен болсам да, усы конгрессте қатнасып, және де көп мағлыўматлар алдым, - дейди Британия музейиниң хызметкери, доктор Ладан Акбарния.- Уллы астроном Мырза Улығбек қурған медреседе баянат тыңлаў, кәсиплеслерим менен пикир алысыў имканиятына ийе болғанымнан қуўанышлыман. Бул өмиримдеги ең толып-тасқан, умытылмас маўритлер болып қалады.
Әнжуман қатнасыўшылары «Конигил мерос» кәрханасында дүньяға белгили Самарқанд жипек қағазын әййемги үрп-әдетлер тийкарында таярлаў процеси менен танысты. Самарқандлы каллиграф ҳәм миниатюрашы сүўретшилердиң көргизбесин тамашалады.
Әмир Темурдың бағшылық дәстүрлери тийкарында жаратылған «Боғишамол» бағында шөлкемлестирилген мәдений дәстүр ҳәм миллий музыка кешеси, «Өзбекистанның музыка мийрасы» китап-альбомын таныстырыў да ҳәм мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Халықаралық әнжуман илажлары Самарқандтың жулдызларға толы кешесинде уллы Регистан майданында көрсетилген «Өзбекистан мәдений мийрасы – адамзат ғәзийнеси» атлы музыкалы тамаша менен жуўмақланды.
Ғ.ҲАСАНОВ
ӨзАның хабаршысы
Қарақалпақстан хабар агентлиги