Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы күни.

2015-03-29

Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы күни.

ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ

Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў компаниясы басланыўын жәриялаў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Конституциясының 117-статьясына ҳәм де «Мәмлекет ҳәкимияты ўәкиллик органларына ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң гезектеги сайлаўы ҳаққында» Өзбекистан Республикасы Конституциялық нызамның 2-статьясына ҳәм «Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 8-статьясына муўапық Өзбекистан Республикасы Орайлық Сайлаў Комиссиясы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

1. 2015-жыл 29-март күни Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы күни деп белгиленсин.
2. Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў компаниясы 2014-жыл 26-декабринен басланыўы жәриялансын.
3. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлардың тәртиби, басқышлары ҳәм мүддетлери ҳаққындағы хабарды сайлаўшылар, сиясий партияларға белгиленген тәртипте «Өзбекистан Республикасы Орайлық Сайлаў Комиссиясының Хабарнамасы» ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларында жәриялаў жолы менен жеткериў тәмийинленсин.
4. Усы қарар ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.

Орайлық Сайлаў Комиссисы Баслығы М.Абдусаломов

Ташкент қаласы, 2014-жыл 26-декабрь

Поделиться