Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықаралық шаңарақлар күни
2023-05-15
15-май дүнья көлеминде Халықаралық шаңарақлар күни (International Day of Families) болып, бул байрам БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы резолюцияға муўапық 1994-жылдың 15-майынан берли турақлы белгиленип келинеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы "Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, 15-май ҳәр жылы Халықаралық шаңарақ күни сыпатында республика бойлап кеңнен өткерилиўи белгиленген.
Халықаралық шаңарақлар күнин өткериўден мақсет - жәҳән жәмийетшилиги дыққатын шаңарақлық қәдириятларға ҳәм шаңарақ институты менен байланыслы машқалаларға қаратыўдан ибарат. Сәне мүнәсибети менен районымыздағы бәрше шаңарақларды қутлықлаймыз. Аўызбиршилик, татыўлық, аманлық ҳәм бахытлы турмыс ҳеш бир шаңарақты тәрк етпесин.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги