Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн
2022-07-02
Мәмлекетлик герби θзбекистан Республикасының 1992жыл 2 июльдеги 616-XII-санлы « θзбекистан Республикасы мәмлекетлик герби ҳаққында»gi Нызамы менен тастыйықланған.
Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик герби төмендеги көриниске ийе: таўлар, дәрьялар ҳәм шеп тәрепи бийдай масақларынан, оң тәрепи болса пханалары ашылған ғаўаша шақаларынан ибарат гүлге оралған гүллеген үлке бойлап қуяштың алтын нурларын шашып турады. Гербтиң жоқарғы бөлегинде Республика еркинлигиниң нышаны сыпатында сегизмүйешлик сүўретленген болып, оның ишки бөлегинде ярым ай ҳәм жулдыз сүўретленген. Гербтиң орайында бахыт ҳәм еркинликти сүйиў нышаны — қанатларын жайған Қумай қус сүўретленген. Гербтиң төменги бөлегинде Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик байрағын сәўлелендириўши жийекленген лентасының бәнтинде «Өзбекистан» деп жазып қойылған.
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң реңли көринисинде: Қумай қусы ҳәм дәрьялар — гүмис реңде; қуяш, масақлар, пахта ханалары ҳәм «Өзбекистан» жазыўы — алтын реңде; ғаўаша шақалары менен жапырақлары, таўлар ҳәм дала — жасыл реңде; ханалардағы пахта — ақ реңде; лента — Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағының реңлерин сәўлелендириўши үш түрли реңде; сегизмүйешлик — алтын жалатылып жийекленген ҳалда ҳаўа реңде; ярым ай ҳәм жулдызлар — ақ реңде сүўретленген.