Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Республикасының миллий валютасы — сўм айланысқа киргизилген күн

2021-07-01

Қүдиретимиз ҳәм мақтанышымыз тымсалы

1994-жыл 1-июльден айланысқа киргизилген миллий валютамыз елимиз ғәрезсизлигиниң тийкарғы белгилеринен бири ҳәм әҳмийетли раўажланыў факторы болды.

Миллий валютадан ҳәммемиз ҳәр күни пайдаланамыз. Оны көргенимизде қәлбимизде миллий мақтаныш сезимлери оянады. Өйткени, пулымыз тек ғана елимиздиң экономикалық қүдиретиниң емес, ал халқымыздың руўхый, ағартыўшылық ҳәм мәдений потенциалының айнасы саналады. Оны қолына алған инсанның көз алдында Самарқандтағы Регистан майданы, Тиллокари, Шердар медреселери, Әмир Темур мақбарасы сыяқлы тарийхый естеликлер, сондай-ақ, пайтахтымыздағы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының имараты, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан мәмлекетлик академиялық үлкен театры, «Истиқлол» көркем өнер сарайы, Әмир Темурдың уллы естелигиниң көринислери сәўлеленеди. Бул көринислер елимиздиң өзине тән «шақырыў қағазы»на айланған, десек асыра айтпаған боламыз.

Поделиться