Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мүбәрек Рамазан ҳайыты

2021-05-13

Рамазан ҳайыты 13-май күнине белгиленди

«Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық, Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2021-жылда Рамазан ҳайытының биринши күни 13-май – пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарары есапқа алынып, елимизде 2021-жыл 13-май Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында белгиленеди.

Сондай-ақ, Президенттиң 10-майдағы ПФ-6222-санлы Пәрманы тийкарында 2021-жыл 14-май (жума) ҳәм 15-май (шемби) күнлери қосымша дем алыс күни деп жәрияланды.

Солай етип, халқымыз Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен избе-из 4 күн дем алады:

13-май (пийшемби) – Рамазан ҳайытының биринши күни (жумыс исленбейтуғын байрам күни);

14-май (жума) – қосымша дем алыс күни (ҳәмме ушын);

15-май (шемби) – қосымша дем алыс күни (ҳәмме ушын);

16-май (екшемби) – улыўмалық дем алыс күни.

Дерек: ӨзА

Поделиться