Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мүбәрек Рамазан ҳайыты
2020-05-24
РАМАЗАН ҲАЙЫТЫН БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Жақсылық, сақаўат ҳәм мүриўбет айы болған мүбәрек Рамазан айы усы жыл мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы себепли үйде, шаңарақ орталығында, өз-ара татыўлық ҳәм өз-ара келисим орталығында мүнәсип өткерилмекте. Елимиз түрли сынақ ҳәм қыйыншылықлардан және де күшли ҳәм қүдиретли болып өткен ҳалда, муққадес Рамазан ҳайытын ертенги күнге үлкен исеним ҳәм қуўаныш пенен күтип алмақта.
Бул уллы әййямның халқымыздың мәнаўий турмысында тутқан орны, оның жәмийетимизде сақыйлық, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўдеги әҳмийетин инабатқа алып ҳәм миллий-диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-май 21-май