Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

2020-05-09

1999жылы 9 май күни θзбекистан пайтахтында еслеў майданы ашылды ҳәм сол күннен бери 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни деп белгиленбекте.

Бул байрам кең мәниге ийе болып, ол ғәрезсиз θзбекистанда әсирлер даўамында қаҳарманларша, үлкемизди қорғаған,оның еркинлиги, ғәрезсизлиги халқының тынышлығы ушын гүрескен ўатанласлар естелигине бағышланыў менен бир қатарда ол улыўмахалықлық естелик ҳәм инсанды қәдирлеў күни болып та есапланады. Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳақыйқый миллий-улыўмахалықлық байрамы болып табылады, бул күнлери адамлар алыс-жақында жасаўшы жақынларының жағдайынан хабар алады,жасы үлкенлерди зыярат етип оларға айырықша ҳүрмет көрсетиледи.

Мәмлекетимизде 9-май улыўма халықлық байрамы – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанның абырай-мәртебесин арттырыўға, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 75 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10000 000 (он миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлығы белгиленди.

Поделиться