Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Орайлық Азияда өз-ара тамырласлық: қәўип-қәтерлер ҳәм жаңа имканиятлар

2019-02-19

19-20-февраль күнлери Ташкентте «Орайлық Азияда өз-ара тамырласлық: қәўип-қәтерлер ҳәм жаңа имканиятлар» темасындағы халықаралық конференция болып өтеди.

Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қутлықлаўы болатуғыны күтилмекте.

Конференция мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билгиленген Өзбекстан Республикасы сыртқы сиясатының тийкарғы әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыў шеңберинде өткерилмекте.

Конференция Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги ҳәм БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы тәрепинен шөлкемлестириледи.

Форумға Аўғанстан, АҚШ, Белгия, Уллы Британия, Дания, Иран, Германия, Грузия, Ҳиндстан, Израил, Испания, Италия, Қазақстан, Канада, Египет, Қытай, Кувейт, Әзербайжан, Қырғызстан, Латвия, Малайзия, Нидерландия, Пакистан, Польша, Россия, Сауд Арабстаны, Таиланд, Түркия, Венгрия, Украина, Өзбекстан, Финляндия, Франция, Швеция, Япония талқылаў орайларының 100 ден аслам ўәкиллери мирәт етилген болып, олар регионаллық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм қәўипсизлик, саўда, транспорт, суўдан пайдаланыў, билимлендириў ҳәм илим тараўларында байланысларды беккемлеў мәселелерин додалайды.

Илажда Европа Аўқамы, Арқа кеңес, Америка мәмлекетлери шөлкеми, Арктика мәсләҳәтлесиў кеңесиниң регионаллық структуралары, сондай-ақ, Жәҳән банки, Жәҳән саўда шөлкеми, Европа инвестициялық банки ҳәм басқа да халықаралық қаржы институтларының ўәкиллери де қатнасады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться