Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ КОРЕЯ РЕСПУБЛИКАСЫНА САПАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2015-05-27

Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Каримов Корея Республикасы Президенти Пик Кин Хэниң мирәт етиўине бола 2015-жыл 27-29-май күнлери мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасында болады

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ўақтында өз-ара бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери, еллеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти избе-из раўажландырыўдың перспективалары, регионаллық ҳәм халықаралық сиясий машқалаларды додалаў мөлшерленген.

Өзбекистан делегациясының Корея Республикасы ҳүкимети ҳәм парламенти, жетекши экономикалық ҳәм қаржылық структуралардың басшылары менен ушырасыўлары да сапар бағдарламасынан орын алған.

Сапардың жуўмақлары бойынша тәреплер еки мәмлекет басшыларының қоспа делегациясын қабыл етеди. Өзбекистан ҳәм Қубла Корея арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылады.

Поделиться