Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Кеңес Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилисин

2015-05-15

Усы жылдың 15-май күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди. 2015-жыл 20-апрель күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Юлдашевалып барды. Кеңес Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилисин усы жылдың 15-май күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Сенат жалпы мәжилистиң күн тәртибине сиясий ҳәм социал-экономикалық турмыстың барлық тараўларын изшил жаңалаўға ҳәм либералластырыўға қаратылған Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары киргизилмекте. Тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў ҳаққында» ғы, «Қымбатлы қағазлар базары ҳаққында»ғы (жаңа редакциясы), «Электрон бизнес ҳаққында»ғы (жаңа редакциясы), « Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўъъ, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм де социал-экономикалық реформаларды және де тереңлестириў, инвестиция ҳәм

исбилременлик орталығын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, суд-ҳуқық тараўын, хабар қәўипсизлигин жетилистириў нәзерде тутылған басқа нызамлар солар қатарына киреди. Жалпы мәжилиис күн тәртибине халық аралық шәртнамларды ратификация қылыў ҳаққындағы Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары да киргизиледи. Солар менен бир қатарда гезектеги жалпы мәжилисте сенаторлар Олий Мажлистиң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсманның) хызмети ҳаққындағы, Есап палатасының хызмети ҳаққындағы есабаты ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасы Тәбиятты қорғаў мәмлекетлик
комитети баслығының, Өзбекистан Республикасы Тәбиятты қорғаў мәмлекетлик комитети 2014-жылдағы хызмети ҳақкындағы есабаты ҳақкындағы мәселелерди талқылады. Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ўәкиллигине басқа мәселелерде талқыланады. Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм Девонының екинши жалпы мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны байланыслы хызметин муўапықластырып барыў ушын Кеңес тәрепинен тийисли исши топар дүзилди. Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баспасөз хызмети.

Поделиться