Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Туркия Президенти 29-апрель күни Өзбекстанға келеди
2018-04-29
Туркия Республикасының Президенти Режеп Таййиб Эрдоған 29-апрель күни Өзбекстанға келеди.
30-апрель күни Көксарайда болып өтетуғын сөйлесиўлерде саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиў мәселелери додаланады. 1-май күни Туркия Президенти Бухараға зыярат етиўи режелестирилген.
Еслетип өтемиз, Шавкат Мирзиёевтиң Туркияға 2017-жылы октябрьде шөлкемлестирген мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы байланысларды жаңа басқышқа көтерген еди.