Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ШБШ мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси

2016-06-24

Ташкентте усы жылдың 23-24-июнь күнлери Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Кәримовтың басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң юбилей мәжилиси болып өтеди. Усы мүнәсибет пенен ШБШ саммитиниң пайтахтымыздағы халықаралық баспасөз орайында Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен елимиз ҳәм сырт елли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисине Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикистан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон қатнасыўы рәсмий түрде тастыйықланғаны атап өтилди.

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Манголия Президенти Цахиагийн Элбэгдорж, Пакистан Ислам Республикасы Президенти Мамнун Ҳусайн, Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Муҳаммад Зариф бақлаўшы мәмлекетлер, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов басшылық ететуғын елдиң мийманы сыпатында қатнасады.

Мәжилисте ШБШ Бас хаткери Рашид Алимов ҳәм ШБШ Регионаллық терроризмге қарсы структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Евгений Сисоев та қатнасады.

ШБШ саммитинде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары Жефри Фелтман, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы — Орынлаўшы хаткери Сергей  Лебедев, Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң Бас хаткери Николай Бордюжа, АСЕАН Бас хаткери Ле Лионг Минь, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңесиниң атқарыўшы директоры Гун Цзяньвэй де қатнасады.

Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары А.Носировтың мәлим етиўинше, илажға қатнасыў ушын Ташкентке ШБШға ағза мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, шет ел ғалаба хабар қуралларының дерлик 1000 ўәкили келеди.

Болажақ ШБШ саммити мәмлекет басшыларының юбилей мәжилиси болып, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми дүзилгениниң 15 жыллығына бағышланады.

Мәмлекет басшылары мәжилистиң күн тәртибине муўапық, ШБШ шеңберинде көп тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў мәселелерин додалайды, сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысады.

Мәмлекет басшыларының ушырасыўы жуўмағында тийкарғы ҳүжжет – ШБШ он бес жыллығының Ташкент декларациясы қабыл етиледи. Онда шөлкемниң соңғы он бес жыллық жумысы, ағза мәмлекетлердиң ШБШны раўажландырыў перспективаларына болған келисилген пикирлери, сондай-ақ, ҳәзирги халықаралық және регионаллық жағдай бойынша позиция орын алады.

Мәмлекет басшылары 2025-жылға  шекем ШБШны раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы 2016-2020-жылларға мөлшерленген ҳәрекет режеси ҳәм ШБШны раўажландырыўға, оған ағза мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бир қатар басқа да ҳүжжетлерди тастыйықлайды.

ШБШның болажақ саммити Өзбекистанның шөлкемге басшылығының соңғы илажы саналады. Өзбекистан басшылығында ШБШның жумысын еле де жетилистириў, шөлкем шеңберинде сиясат, қәўипсизлик, экономикалық ҳәм гуманитарлық байланыслар саласында өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Мәмлекет басшылары кеңесиниң болажақ мәжилисиниң күн тәртибин мазмун жағынан байытыўға айрықша дыққат қаратылды.

ШБШ саммити қарсаңында Ташкентте шөлкемге ағза мәмлекетлердиң түрли министрлик ҳәм ведомство басшыларының қатар ушырасыўлары өткериледи. ШБШға ағза мәмлекетлер мәденият минитрлериниң 21-22-июнь күнлери болып өтетуғын гезектеги мәжилисинде мәденият ҳәм көркем өнер саласында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалаў режелестирилген.

22-23-июнь күнлери ШБШ Исбилерменлер кеңеси басқарыўы ҳәм Банклераралық бирлеспе кеңесиниң де мәжилислери өткериледи. Олардың шеңберинде шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң исбилермен және қаржы топарлары ўәкиллериниң саўда экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў саласында қатнасыўын жеделлестириў туўралы да пикир алысыў мөлшерленбекте.

ШБШ саммити ҳүжжетлери бойынша жуўмақлаўшы келисиў мақсетинде 20-22-июнь күнлери ШБШға ағза мәмлекетлер миллий координаторлары кеңесиниң мәжилиси болып өтпекте.

Поделиться