Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм татыў қоңсышылықты беккемлеў ҳаққындағы биргеликтеги декларация
2017-03-24 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсалтан Назарбаев Президент Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 22-23-март күнлери Қазақстан Республикасына әмелге асырған мәмлекетлик сапар етиўи шеңбериндеги еки тәреплеме сөйлесиўлердиң нәтийжелерине бола,
1998-жыл 31-октябрьде қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Мәңгилик дослық ҳаққындағы шәртнама және 2013-жыл 14-июньде қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнаманың қағыйдаларына әмел ете отырып,
өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм жәриялылық принциплерине тийкарланған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасындағы беккем тарийхый байланыслар, еки ел халықларының көп әсирлик туўысқанлық ҳәм шериклик байланысларына сүйенип,
Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасындағы татыў қоңсышылық, дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлардың стратегиялық шериклик және өз-ара қоллап-қуўатлаў тийкарында тез пәтлер менен избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип,
еки тәреплеме кең қамтылған бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў еки туўысқан халықлардың узақ мүддетли мәплерине жуўап беретуғынына ҳәм Орайлық Азияда тынышлықты, турақлылықты, қәўипсизликти және раўажланыўды тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынына исеним билдире отырып,
халықаралық майданда буннан былай да избе-из бирге ислесиўге ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыўға өз-ара умтылысларын тастыйықлап,
еки тәреплеме қатнасықларды және де раўажландырыў ушын жоқары дәрежелерде турақлы еки тәреплеме сапар етиўлерди ҳәм сиясий мәсләҳәтлесиўлерди қоллап-қуўатлаўға және ҳүкиметлердиң, парламентлер ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге садық қала отырып,
төмендегилерди билдиреди`
1. Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти дипломатиялық қатнасықлар орнатылған ўақыттан баслап шерек әсир ишинде бирге ислесиўдиң ҳәр түрли салаларында ерисилген салмақлы нәтийжелерди жоқары баҳалайды ҳәм еки мәмлекетттиң стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа тарийхый дәўирге кирип атырғанын атап өтеди.
2. Тәреплер Орайлық Азияда тынышлықты, турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша позицияларының сәйкес келетуғынын тастыйықлай отырып, региондағы ишки машқалалардың барлық салалары бойынша өз-ара мақул қарарларды келисиў ҳәм қабыл етиў, бәринен бурын, усы регион мәмлекетлери тәрепинен тең ҳуқықлылық, өз-ара мәпдарлық және бир-бириниң мәплерин ҳүрмет етиў тийкарында әмелге асырылыўы зәрүрлигин атап өтеди.
3. Тәреплер халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша позицияларының жақынлығын ямаса сәйкес келетуғынын атап өтти, регионда тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеўге өз-ара умтылысларын атап өтти және халықаралық майданда, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, сондай-ақ, басқа да халықаралық ҳәм регоналлық шөлкемлер шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жеделлестириў нийетлерин тастыйықлады.
4. Өзбекистан Қазақстанның 2017-2018-жылларда БМШ Қәўипсизлик Кенңесине ўақытша ағзалығы шеңберинде Орайлық Азия еллери ушын улыўмалық болған тийкарғы мәселелерди алға қойыў бойынша әмелге асырып атырған ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды ҳәм регионда турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери, соның ишинде, халықаралық сиясаттың тәреплерди қызықтырған әҳмийетли мәселелери бойынша Қазақстан менен жақыннан бирге ислесиўден мәпдар.
Тәреплер Орайлық Азияда ядро қуралынан жырақ зона статусын буннан былай да көтериў тәрепдары болып табылады.
5. Тәреплер ҒМДА мәмлекетлерин қызықтырған барлық мәселелер бойынша өз-ара пайдалы ҳәм тең ҳуқықлы бирге ислесиўдиң раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҒМДА шеңберинде аўызбиршиликти беккемлеў ҳәм Дослық механизмлеринен буннан былай да нәтийжели пайдаланыўдан өз-ара мәпдар екенлигин билдирди.
6. Президентлер қәўипсизликке ҳәм турақлылыққа заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў және экономикалық ҳәм басқа да салаларда бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде ағза мәмлекетлер арасындағы аўызбиршиликти беккемлеўге көмеклесетуғын шөлкем сыпатында ШБШ күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша позицияларының жақынлығын ямаса сәйкес келетуғынын атап өтти. Тәреплер Шөлкем Хартиясына муўапық, ШБШ келешекте де әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалаларды шешиўде блоклы, идеологияласқан ҳәм қарама-қарсы көз-қарасларды шетлеп өтетуғын жолдан барыўға садық қалатуғынын тастыйықлайды.
Өзбекистан Республикасы Қазақстан Республикасының ШБШ ға басшылығы шеңберинде ҳәм 2017-жыл 8-9-июнь күнлери Астана қаласында Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисин табыслы өткериў бойынша оның ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды.
7. Мәмлекет басшылары Өзбекистан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы қатнасыўшылар есапланған халықаралық шәртнамалар тийкарында халықаралық терроризм, диний экстремизм, нызамсыз миграция, наркотик ҳәм қураллардың нызамсыз айланыста болыўы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа ҳәм басқа да қәўипсизликке қәўип-қәтерлер менен гүресиўде мәсләҳәтлесиўлер өткериў арқалы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў және жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Усы мақсетлерде Орайлық Азия регионында радикализм көринислери ҳәм экстремизм барған сайын ҳәўиж алыўының алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўде Өзбекистан менен Қазаақстанның тийисли ведомстволарының биргеликтеги ҳәрекетлерин жетилистириў бойынша барлық зәрүрли илажлар көриледи.
8. Президентлер аўған халқының миллий келисимге ерисиў, елди тынышлық жолы менен тиклеўдеги ҳәм қайта қурыўдағы ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды және сиясий-дипломатиялық усыллардан кең пайдаланыў арқалы Аўғанстан машқаласын шешиў бойынша халықаралық күш салыўларда БМШтың орайлық муўапықластырыўшы ролин беккемлеў тәрепдарлары болып табылады.
Тәреплер Аўғанстандағы жағдайды тезирек турақластырыў ҳәм усы елде тынышлыққа ерисиў региондағы қәўипсизликти және турақлылықты тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
9. Мәмлекет басшылары Орайлық Азия трансшегаралық дәрьяларының суў ресурслары халықлардың улыўма байлығы ҳәм мүлки екенин және миллионлаған инсанлардың тәғдири, пүткил регионның турақлылығы ҳәм абаданлығы олардан ақылға уғрас ҳәм әдалатлы пайдаланыўға байланыслы екенлигин атап өтти.
Тәреплер Орайлық Азия трансшегаралық дәрьяларында жаңа гидротехникалық қурылмаларды қурыўды басқа мәпдар мәмлекетлердиң мәплерине зыян келтирмейтуғын конструктивлик қатнас ҳәм келисим тийкарында, сондай-ақ, трансшегаралық тәсирге ийе болған барлық жойбарларды қалыс халықаралық экспертизадан өткериў және төменги ағыста жайласқан еллер менен келисиўди нәзерде тутатуғын БМШ конвенцияларында белгиленген халықаралық суў хуқықының улыўма тән алынған нормаларына муўапық әмелге асырыў зәрүрлиги ҳаққындағы пикирди қоллап-қуўатлайды.
10. Тәреплер экология ҳәм суў қәўипсизлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине айрықша әҳмийет береди, арнаўлы қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарлар ислеп шығыўға және әмелге асырыўға, жумысшы топарларды шөлкемлестириўге көмеклеседи, қоршаған орталықты ҳәм суў ресурсларын қорғаў, тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў ушын зәрүр илажлар көреди ҳәм аймақлардың ҳәм халықтың турмысына қәўип туўдыратуғын экологиялық апатшылықлар менен айрықша жағдайларда өз-ара жәрдем береди.
Тәреплер Аралды қутқарыў халықаралық фондына Арал апатшылығының тәсири астында қалған аймақларды экологиялық саламатландырыўға, сондай-ақ, регионда социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге қаратылған экологиялық ҳәм илимий-әмелий жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша регион еллериниң биргеликтеги ҳәрекетлери ушын универсал платформа сыпатында қарайды.
11. Тәреплер Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң (ИБШ), биринши гезекте билимлендириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм социаллық-экономикалық салаларда мусылман мәмлекетлериниң буннан былай да биргеликтеги белсенди ҳәрекетлерине көмеклесетуғын ҳәм бул арқалы халықаралық бирге ислесиўди және қәўипсизликти алға қойыўға үлес қосатуғын абыройлы форумы сыпатындағы ролин беккемлеў мақсетинде усы шөлкем шеңбериндеги шерикликтиң әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Қазақстан Республикасы 2016-жыл 19-октябрь күни Ташкент қаласында «Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай жол» темасында 43-сессиясы табыслы болып өткен ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесине Өзбекистан Республикасының басшылығы шеңберинде оның күш салыўларын толық қоллап-қуўатлайды.
Өзбекистан тәрепи 2017-жыл 10-11-сентябрь күнлери Астана қаласында Билимлендириў ҳәм технологиялар бойынша ИБШ биринши саммитиниң өткерилиўин қоллап-қуўатлап, бул илажда қатнасыўға таяр екенин билдиреди.
12. Қазақстан Республикасы Президенти Өзбекистан Республикасы Президентине Өзбекистан тәрепи «ЭКСПО-2017» халықаралық қәнигелескен көргизбесинде қатнасыўға қызығыўшылық билдиргени ушын миннетдаршылық билдирди.
Тәреплер қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў, турақлы раўажланыў мақсетлериниң принциплери тийкарында қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жоқары технологиялы салалар менен экологиялық таза өндиристи кеңейтиў бойынша еки елдиң тийкарғы көз-қарасларының сәйкес келетуғынын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
13. Тәреплер парламентлераралық байланыслардың раўажланыўын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул салаға, атап айтқанда, еки елдиң нызам шығарыўшы уйымлары палаталарының арасында буннан былай да белсенди және кең әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўда бар резервлер анықластырылды.
14. Президентлер еки ел арасындағы саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыўдың унамлы тенденцияларын қанаатланыўшылық пенен атап өтти ҳәм еки тәреплеме саўда көлемлериниң турақлы өсиўин тәмийинлеўге, еки ел базарларында өтимли болған жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди товар айланысына тартыў арқалы еки тәреплеме саўданы диверсификациялаўға ҳәм экономикалық және инвестициялық бирге ислесиўдиң узақ мүддетли түрлерин раўажландырыўға өз-ара умтылысларын билдирди.
Тәреплер сапар етиў даўамында қол қойылған 2017-2019-жылларға мөлшерленген экономикалық бирге ислесиў стратегиясын избе-из әмелге асырыў экономиканың ҳәр қыйлы салаларында аўызбиршиликти беккемлеўге ҳәм өз-ара товар айланысын 2020-жылға шекем 5 миллиард АҚШ долларына көтериўге түртки бере отырып, өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
15. Еки мәмлекет басшылары усы жыл 22-23-февраль күнлери Ташкент қаласында болып өткен Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның он алтыншы мәжилисиниң жуўмақларын унамлы баҳалады ҳәм саўда-экономикалық салада, бәринен бурын, кең көлемли қоспа жойбарларды әмелге асырыў арқалы анық нәтийжелерге ерисиў мақсетинде оның ролин буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Тәреплер транспорт ҳәм коммуникация, қазып шығарыў ҳәм қайта ислеў санаатлары, қурылыс, аўыл хожалығы, автомобиль, химия ҳәм жеңил санаат, денсаўлықты сақлаў және туризм сыяқлы тийкарға бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жеделлестириў нийетинде.
16. Тәреплер еки елдиң регионлары арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди жеделлестириўге көмеклесетуғын Регионларарлық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылғанын атап өтти.
Тәреплер еки ел регионлары бирге ислесиўиниң жаңа формасын әмелге асырыў механизимин жаратыў имканиятын үйретеди.
17. Президентлер еки мәмлекеттиң үлкен транзит-транспорт потенциалын есапқа ала отырып, сыртқы базарларға ең қысқа ҳәм нәтийжели шығыўды тәмийинлейтуғын транспорт және транзит жолларын раўажландырыў саласындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы өзгешелигин атап өтти.
Бул бағдарда Тәреплер өз аймақларынан сыртқы саўда жүклерин транзит тасыўда еки елдиң темир жол ҳәкимшиликлери тәрепинен өз-ара преференциялардың ҳәм қосымша баҳаның арзанлатылыўының усынылыўы бул саладағы бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиўге және транзит жүклердиң үлкен көлемлерин тартыўға имканият беретуғынын атап өтти.
Тәреплер «Бейнеў-Ақжигит-Өзбекистан шегарасы» автомобиль жолының жойбары, сондай-ақ, регион еллериниң халықаралық теңиз коммуникацияларының ҳәм потенциаллы базарларға альтернатив шығыўын тәмийинлейтуғын басқа да қоспа жойбарлардың тез арада әмелге асырылыўынан өз-ара мәпдар екенлигин билдирди.
18. Тәреплер еки елдиң халықлары арасында көп әсирлик дослықты, туўысқанлықты ҳәм бирге ислесиўди сақлаў және беккемлеўде өзлериниң тарийхый жуўапкершилигин аңлай отырып, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, туризм ҳәм спорт салаларында бирге ислесиўди раўажландырыўға садық екенлигин тастыйықлады.
Тәреплер буннан былай да еки мәмлекет аймағында жасап атырған өзбек ҳәм қазақ диаспоралары ушын ана тилин, миллий мәдениятын, дәстүрлерин ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў және раўажландырыў мәселелеринде қолайлы шараятлар жаратып береди.
19. Президентлер исеним ҳәм өз-ара түсинисиў орталығында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақларын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасында көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли факторы болып хызмет ететуғын ҳәм еки елдиң туўысқан халықлары арасында өз-ара келисимди тереңлестириўге көмеклесетуғын еки тәреплеме жоқары дәрежедеги ушырасыўларды турақлы түрде өткерип барыўға келисип алынды.
w0. Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевқа ҳәм барлық Қазақстан халқына өзбек делегациясына көрсетилген миймандослық ҳәм шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди және Қазақстан Республикасы Президентине өзи ушын қолайлы болған ўақытта Өзбекистан Республикасына сапар етип келиўге мирәт етти. Сапар етиўдиң мүддетлери дипломатиялық каналлар арқалы келисиледи.
Өзбекистан Республикасы Қазақстан Республикасы
Президенти Президенти
Шавкат МИРЗИЁЕВ Нурсултан НАЗАРБАЕВ
Астана, 2017-жыл 23-март