Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстанға келди

2017-03-22 | Сиясат

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы А.САМАДОВ хабар етеди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың мирәт етиўине бола 22-март күни мәмлекетлик сапар менен Астана қаласына келди.

Өзбекистан ҳәм Қазақстанның мәмлекетлик байрақлары менен безелген Астана халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Бас министри ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапардың тийкарғы ўақыялары 23-мартқа белгиленген. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, траспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын және оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларын додалаў, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысыў мөлшерленген.

Президентимиздиң сапары шеңберинде Астана қаласында Өзбекистан Миллий көркем өнер көргизбеси, еки елдиң исбилермен топарларының абыройлы делегацияларының қатнасыўында бизнес-форум өткерилиўи де нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысының сапар етиўиниң жуўмақлары бойынша мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге, Өзбекистан - Қазақстан бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қаратылған салмақлы шәртнамаларға қол қойыў режелестирилген.

Поделиться