Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЯПОНИЯ БАС МИНИСТРИ УЛЛЫ МӘРТЕБЕЛИ МЫРЗА СИНДЗО АБЭГЕ
2017-01-27 | Сиясат
Уллы Мәртебели Мырза!
Еллеримиздиң бирге ислесиў тарийхындағы әҳмийетли сәне – Өзбекистан Республикасы ҳәм Япония арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан халқының ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди және пүткил Япония халқын шын жүректен қутлықлайман.
Өткен жылларда еллеримиз еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда салмақлы табысларға ерискенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Өзбекистан Япония менен шын жүректен қурылған дослық байланысларын, стратегиялық шерикликти ҳәм бирге ислесиўди жоқары қәдирлейди.
Сизиң 2015-жыл октябрь айында елимизге мәмлекетлик рәсмий сапар етиўиңиз Өзбекистан – Япония қатнасықларының тарийхында әҳмийетли ўақыя болды, сиясий, саўда-экономикалық, қаржы, инвестициялық, технологиялық, илимий ҳәм мәдений-гуманитарлық салалардағы байланысларымызды буннан былай да раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
25 жыллық бирге ислесиўимиз даўамында қатнасықларымыздың беккем ҳуқықый базасы жаратылды. Бул бойынша 2002-жылы қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Япония арасында дослық, стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы биргеликтеги билдириў әҳмийетли орын ийелейди. Сизиң Өзбекистанға сапар етиўиңиз даўамында қол қойылған Өзбекистан Республикасы ҳәм Япония арасында стратегиялық шерикликти тереңлестириў және кеңейтиў ҳаққындағы биргеликтеги билдириў өз-ара қатнасықларымызды жаңа басқышқа көтерди, еллеримиз өз-ара байланысларды избе-из раўажландырыўдан мәпдар екенин көрсетти.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе көплеген тийкарғы машқалаларға бирдей уқсас көз-қарасларға және қатнасларға ийе.
Өзбекистан өткен жылларда бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлериниң жаратылғанынан қуўанышлы.
Парламентлераралық форум, Экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекистан-Япония ҳәм Япония-Өзбекистан комитетлериниң қоспа мәжилислери, Сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер, «Орайлық Азия+Япония» сөйлесиўи, Академиялық форум ҳәм басқа да көплеген бирге ислесиў институтлары еллеримиз арасындағы қатнасықлардың избе-из ҳәм басқышпа-басқыш раўажланыўына хызмет етпекте.
Бүгин Өзбекистанның экономикасын модернизациялаў ҳәм елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында Япония бизиң ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы шериклеримизден бири болып табылады.
Япониялы шериклеримизден көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдармыз, инвестициялық, қаржы-техникалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, Өзбекистан ҳәм Япония исбилермен шеңберлери арасындағы тиккелей байланысларды және нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдармыз.
Мәденият ҳәм илим салаларындағы байланыслар биз ушын айрықша әҳмийетке ийе. Әсиресе, 2016-жыл август айында өмирлик жолдасыңыз Акиэ Абэ ханымның басшылығында Японияның жәмийетлик-сиясий ҳәм мәденият ғайраткерлеринен ибарат делегацияның Өзбекистанға сапар етиўи бул бағдардағы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.
Билимлендириў саласындағы бирге ислесиўимиз жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Япония тәрепинен бул бағдарда көрсетилип атырған жәрдемди жоқары қәдирлеймиз ҳәм Өзбекистан-Япония жаслар инновациялық орайының толық жумыс ислеўи жоқары маман кадрлар таярлаў саласында биргеликтеги ҳәрекетлеримизге қосымша пәт бағышлайды, деп үмит етемиз.
Пурсаттан пайдаланып, Өзбекистан Япония менен бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўдың ҳәм кеңейтиўдиң тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықламақшыман. Биз стратегиялық шериклик қатнасықларымызды сапа жағынан беккемлеў ҳәм жаңа әмелий мазмун менен байытыўға умтыламыз.
Еллеримиздиң уллы қәдриятлары ҳәм узақ мүддетли мәплери тийкарында Өзбекистан ҳәм Япония арасындағы дәстүрий дослық байланыслары буннан былай да халықларымыздың абаданлығы жолында раўажланып баратуғынына исенемен.
Усы қолайлы имканияттан пайдаланып, Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық, Япония халқына буннан былай да раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Шын жүректен шыққан ҳүрмет пенен,
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Өзбекистан Республикасының Президенти