Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
25-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.
2017-01-26 | Сиясат
Депутатлар Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2016-жылдағы жумысларының жуўмақларын ҳәм жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы салаларында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.
Парламенттиң төменги палатасы мәжилисиниң күн тәрбине киргизилген мәселелер алдын сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислеринде додаланған еди.
Парламенттиң төменги палатасының ағзалары өз жумысын Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2016-жылдағы жумысларының жуўмақларын додалаўдан баслады. Палатаның есап бериў дәўириндеги жумысы сын қөз қарастан баҳаланды, депутатлардың нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў сыяқлы әҳмийетли бағдарлардағы жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы илажлар белгиленди.
Өткен жылы елимиздиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмысын ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызамлардың қабыл етилгенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Бухгалтериялық есап-санақ ҳаққында»ғы, «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы, «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы, «Кекселер, майыплар ҳәм халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына социаллық хызметлер ҳаққында»ғы, «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы ҳәм басқа да нызамлар қабыл етилди.
Қадағалаўға байланыслы ўәкиллеклерди әмелге асырыў бойынша белгили бир жумыслар әмелге асырылды. Ҳәкимияттың атқарыўшы тармағы ўәкиллериниң, соның ишинде, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, ведомостволар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен бир қатарда басшылардың әмелге асырған жумыслары және перспективаға мөлшерленген режелери ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлаўлар өткерилди.
Депутатлар Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 14-декабрьде Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисинде және Министрлер Кабинетиниң елимизди 2016-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы жуўмақлары ҳәм 2017-жылға мөлшерленген экономикалық бағдарламаның ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларына бағышланған кеңейтилген мәжилисинде белгилеп берген ўазыйпаларды әмелге асырыў келешекте Нызамшылық палатасының усы жумысында тийкарғы бағдар болатуғынын атап өтти. Сын пикир, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик депутатлар корпусы жумысының тийкарғы принциплери болады. Сондай-ақ, жумыслардың жағдайын жеке үйрениў ҳәм халықтың зүрүрли мүтәжликлерин шешиўге әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде депутатлардың орынлардағы жумысына айрықша итибар қаратылады.
Парламенттиң төменги палатасының депутатлары өз жумысын «Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда додалаў менен даўам етти.
Депутатлардың атап өткениндей, нызам жойбары Өзбекистан Республикасында исбилерменлик ҳәрекетиниң жедел раўажланыўын тәмийинлеў, жеке меншикти ҳәр тәреплеме қорғаў ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы комплексли илажлар бағдарламасын орынлаў мақсетинде ислеп шығылғанын атап өтти.
Бул нызам жойбарында Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине мәмлекетлик уйымлардың жумысында ушырасатуғын айырым ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслардың көрип шығылыўын судлардың ўәкиллигине өткериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң мәплерин ҳәм ҳуқықларын қорғаўда суд ҳәкимиятының ролин арттырыўға, ҳәкимшилик жумыслардың усы категорияларын көрип шығыў ўақтында бийғәрезликти ҳәм қалыслықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Буннан соң депутатлардың итибарына «Банкротлық ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары биринши оқыўда усыныс етилди. Ҳәзирги ўақытта банкротлық ҳаққындағы жумыста келиспеўшиликлерди көрип шығыўдың нәтийжелери бойынша хожалық судының апелляция инстанциясы шығарған қарарлар кассация ҳәм қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығылмайтуғыны атап өтилди. Бул болса, өз гезегинде, кридиторлардың ҳәм қарыздарлардың жоқары туратуғын инстанцияларға судлардың қарары үстинен шағым етиў бағдарындағы ҳуқықларын шеклейди. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи усы шеклеўди сапластырыў имканиятын береди және кредиторларға ҳәм қарыздарларға өз ҳуқықлары менен мәплерин қораўда көбирек еркинлик береди. Додалаўдан соң депутатлар нызам жойбарларын биринши оқыўда қабыл етти.
Мәжилисте парламент ағзалары Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелерди көрип шықты.