Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ ЖОҚАРЫ СЫЙЛЫҚЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

2017-01-24 | Сиясат

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 24-январьда қабыл етилген пәрманына муўапық Республикалық интернационаллық мәденият орайының 25 жыллығы мүнәсибети менен миллий мәдений орайлардың бир топар белсендилери ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 24-январь күни «Өзбекистан» халықаралық әнжуманлар сарайында миллий мәдений орайлардың белсендилери менен ушырасты.

Пүткил елимиз бойлап кеңнен белгиленип атырған, дослық, татыўлық байрамына айланған бул әййямның Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың туўылған күни қарсаңында өтип атырғанында терең мәни жәмленген. Уллы Жолбасшымыз ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ тынышлықты ҳәм абаданлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы сыпатында миллетлераралық татыўлықты беккемлеўге айрықша итибар қаратты. Ғәрезсизлигимиз жәрияланған тарийхый шығып сөйлеген сөзинде «Республикамызда жасайтуғын барлық миллет ўәкиллериниң конституциялық ҳуқықларын қорғаў, олардың мәдениятының, миллий үрп-әдетлериниң раўажланыўына, ана тилинде сөйлесиўи ҳәм оқыўына барлық шараятларды жаратыў ушын бар имканиятлар иске қосылады. Ғәрезсиз Өзбекистанның сиясаты – инсаныйлық, жақсылық нызамларына тийкарланады және пуқаралардың тынышлығы ҳәм миллий келисим сиясаты болып қалады», деп мәмлекетимиздиң сиясатын, жәмийетимиздиң келешегин белгилеп берген еди.

Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў мәресиминдеги сөйлеген сөзинде елимизде ҳүким сүрип атырған миллетлер ҳәм пуқаралардың татыўлығы, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын көздиң қарашығындай сақлаўды және беккемлеўди өзиниң әҳмийетли ўазыйпасы, деп есаплайтуғынын айрықша атап өтти.

Республикалық  интернационаллық мәденият орайының 25 жыллығы елимиз бойлап кеңнен белгиленип атырғаны да мәмлекетимизде инсаныйлық, тынышлықсүйер сиясат избе-из даўам еттирилип атырғанының тағы бир турмыслық дәлили болды.

Президентимиз  Шавкат Мирзиёев ушырасыўда бул әҳмийетли мәселеге буннан былай да айрықша итибар қаратып, миллий мәдений орайлардың жумысын қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр барлық жумыслар әмелге асырылатуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Ўатанымыздың жоқары сыйлықларын салтанатлы рәўиште тапсырды.

Ушырасыўда шығып сөйлеген Республикалық интернационаллық мәденият орайы директорының орынбасары Сергей Миронов, Ташкент қаласындағы «Свитанак» белорусь миллий мәдений орайы баслығының орынбасары Нина Шубникова, Ташкент ўәлаятындағы қазақ миллий мәдений орайы баслығының орынбасары Динислам Канаев, Самарқанд ўәлаятындағы  немис миллий мәдений орайының баслығы, Самарқанд жеңил санаат ҳәм экономика кәсип-өнер колледжиниң оқытыўшысы Наталья Кайзер, Республикалық қырғыз миллий мәдений орайының баслығы Раҳматулла Жабборов тынышлық ҳәм миллетлераралық татыўлық турақлы тәмийинленген елимизде жасаў үлкен бахыт екенин, бул күн олардың қәлбинде бир өмир сақланып қалатуғынын атап өтти, жоқары итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Поделиться