Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
МИЛЛЕТЛЕРАРАЛЫҚ ДОСЛЫҚ ҲӘМ АЎЫЗБИРШИЛИК – ХАЛҚЫМЫЗ ТЫНЫШЛЫҒЫНЫҢ ҲӘМ АБАДАНЛЫҒЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ФАКТОРЫ
2017-01-24 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Республикалық интернационаллық мәденият орайы дүзилгениниң 25 жыллығына бағышланған ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи
Қәдирли дослар!
Сизлерди ҳәм сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли пүткил Өзбекистан халқын қутлы сәне – Республикалық интернационаллық мәденият орайы дүзилгениниң 25 жыллығы менен шын жүректен қутлықлайман.
Бизге белгили, бизиң әййемги ҳәм сақаўатлы жеримизде көп әсирлер даўамында ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық, мәденият ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў жасап келген. Миймандослық, жақсылық, қайырқомлық ҳәм кеңпейиллик бизиң халқымызға бәрҳама тән болған ҳәм оның менталитетиниң тийкарын қурайды.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде миллетлераралық қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқыш басланды. Кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық мәдениятын раўажландырыў, миллетлераралық ҳәм пуқаралараралық аўызбиршиликти және татыўлықты беккемлеў, жас әўладты усы тийкарда, Ўатанға садықлық ҳәм муҳаббат руўхында тәрбиялаў Өзбекистанда мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бири болып белгиленди. Булардың ҳәммеси турмыста өзиниң толық сәўлелениўин тапты.
Елимизде ҳүким сүрип атырған дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы – тынышлықтың ҳәм турақлылықтың, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, Өзбекистанның халықаралық майдандағы абырой-мәртебесин буннан былай да жетилистириўдиң ең әҳмийетли факторы болып табылады. Биз ҳәммемиз елимиздиң Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың әне усы шын мәнистеги бийбаҳа байлығымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм беккемлеў бағдарындағы хызметлерин жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.
Бүгин елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей дос ҳәм аўызбиршиликли жасамақта. Олар улыўма үйимиз – Өзбекистанымыздың раўажланыўы жолында бирлесип, барлық салаларда ҳәм тармақларда пидәкерлик пенен мийнет етпекте, раўажланған базар экономикасына ҳәм күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўға мүнәсип үлес қоспақта.
Бизиң Конституциямызда ҳәм нызамларымызда Өзбекистан Республикасының барлық пуқаралары миллетине, тилине ҳәм динине қарамастан, теңдей ҳуқыққа ҳәм еркинликлерге ийе екени беккемлеп қойылған. Оларға өз милий мәдениятын, дәстүрлерин ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын барлық имканиятлар жаратылған. Елимизде 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер еркин түрде жумыс алып бармақта. Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқытыў 7 тилде әмелге асырылмақта. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы өз көрсетиўлерин 12 тилде көрсетпекте, оннан аслам тилде газета ҳәм журналлар басып шығарылмақта.
Елимизде этникалық өзине тәнликти раўажландырыў ҳәм миллетлераралық қатнасықларды және де бирлестириўде 137 миллий мәдений орай жетекши роль атқармақта. Олар өзлериниң өзине тән мәдениятын, тилин, халық өнерментшилигин раўажландырып, ҳәр қыйлы мәдениятлардың бир-бирин өз-ара байытыўына, ҳәр биримизде көп миллетли бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеўге салмақлы үлес қоспақта.
Республикалық интернационаллық мәденият орайы олардың жумысын муўапықластырып, әмелий ҳәм методикалық жәрдем берип атырғаны айрықша дыққатқа ылайық.
Орай елимиздиң барлық аймақларында өткерилип атырған айқын илажлары тийкарында мәдений ҳәм социаллық турмысымызды және де терең мазмун-мәнис пенен байытпақта, Өзбекистанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында дослық ҳәм кеңпейиллик қатнасықларын беккемлемекте. ҒМДА мәмлекетлериниң арасында тек Өзбекистанда усындай структураның шөлкемлестирилгени итибарға ылайық.
Булардың барлығы елимизде миллетлераралық қатнасықлар саласында мәмлекетлик емес шөлкемлердиң бийбаҳа системасының қәлиплескенинен дәрек береди. Бул шөлкемлердиң көп қырлы жумысы елимизде тыныш ҳәм абадан турмысты тәмийинлеў, әҳмийетли мәдений-ағартыўшылық ўазыйпаларды шешиў, сондай-ақ, шет мәмлекетлер менен бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етпекте.
Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!
Ҳәзирги ўақытта дүньяның ҳәр қыйлы регионларында миллетлераралық ҳәм динлераралық кескинлик күшейип бармақта, миллетшилик, диний келиспеўшиликлердиң жүз берип атырғаны ҳәммемизге белгили. Бул иллетлер мәмлекетти ыдыратып, жәмийетти бөлеклеп, радикал топарлар ҳәм ағымлар ушын идеология базасына айланбақта.
Әне усындай қыйын жағдайда елимизде ҳәр қыйлы миллетке ҳәм динге тән инсанлар арасында дослықты ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеў биз ушын барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул бизиң жеримизде тынышлық ҳәм татыўлықтың беккем кепили, халқымыздың дөретиўшилик потенциалын, оның ертеңги күнге болған исенимин арттырыўдың тийкары болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Усы мүнәсибет пенен Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери, Өзбекистан Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле», «Нураний» қорлары, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети ҳәм басқа да көплеген шөлкемлер, мәденият ҳәм ағартыўшылық, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаў саласындағы жумысларды буннан былай да күшейтиўи зәрүр, деп ойлайман. Бул бүгин бизиң ҳәммемиз ушын турмыслық әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Буннан былай қырағы ҳәм сергек болыў, ең тийкарғы байлығымыз болған ҳәм биз ҳақылы түрде мақтаныш ететуғын көп миллетли халқымыздың дослығын ҳәм аўызбиршилигин көздиң қарашығындай сақлаў ҳәм және де беккемлеў Өзбекистанды өз Ўатаны, деп билетуғын ҳәр бир инсанның муқаддес ўазыйпасы болып табылады.
Биз тек ғана усы жол менен бүгинги күнниң барлық келиспеўшиликлерине ҳәм қәўип-қәтерлерине нәтийжели қарсы турыўымыз, жәмийетимиздеги ҳәр қыйлы бузғыншы идеяларға қарсы қатаң иммунитет пайда етиўимиз, өзимиз таңлаған демократиялық раўажланыў жолында буннан былай да салмақлы нәтийжелерге ерисиўимиз мүмкин.
Биз өзимиз ушын ең әҳмийетли болған әне усы мәселеге буннан былай да үлкен әҳмийет қаратамыз, соның ишинде, миллий мәдений орайлардың жумысын әмелий жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүрли барлық жумысларды әмелге асырамыз.
Мәселен, жақында бейимлестирилген имаратларда жайласқан бир қатар орайлардың бир топар белсендилери маған өзлериниң мийнет шараятларын жақсылаўға көмеклесиў туўралы мүрәжат етти.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздың көркине көрик қосып турған, алдын «Өзбекжеңилсанаат» акционерлик жәмийетине қараслы болған Бабур көшесиндеги имаратты Республикалық интернационаллық мәденият орайына бериўди ҳәм оны Дослық сарайы деп атаўды усыныс етемен. Биз бул имратты реконструкциялаўды ҳәм оның әтирапын абаданластырыўды нәзерде тутатуғын тийисли ҳүкиметлик қарарды қабыл етемиз.
Әне усы имараттың жанында жайласқан ҳәм ғәрезсизлик жылларында Республикалық интернационаллық мәденият орайы өзиниң көплеген илажларын өткерип киятырған бағды «Дослық бағы» деп атаўды усыныс етемен.
Усы мүнәсибет пенен Бас министр А.Н.Арипов тийисли ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте усы бағдың аймағында Өзбекистанда жасап атырған барлық халық ўәкиллериниң өзине тән мәдениятын, үрп-әдетлерин ҳәм аспазлық дәстүрлерин көрсетиўи ушын павильонлар қурыў жойбарын ислеп шығыўы зәрүр.
Ташкент қаласының Мырза Улығбек районында Наўрыз байрамының қарсаңында ашылатуғын жаңа бағ болса, енди уллы бабамыз Заҳириддин Мухаммед Бабур аты менен аталады.
Илимлер академиясы институтлары менен биргеликте елимизде миллетлераралық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға ҳәм бирлестириўге бағышланған илимий-изертлеўлер өткериўди шөлкемлестириў Республикалық интернационаллық мәденият орайының және бир әҳмийетли ўазыйпасы, деп есаплайман.
Егер Өзбекистанда жумыс алып барып атырған ҳәр бир миллий мәдений орайдың белсендилери өзлериниң тарийхый ўатанлары менен мәдений-гуманитарлық саладағы қатнасықларды және де белсене раўажландыратуғын болса, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман. Республикалық интернационаллық мәденият орайы биз ушын әҳмийетли болған бул мәселеде үлкен ўазыйпаны әмелге асырыўы керек.
Және бир усынысты сизлердиң ҳәммеңиз қоллап-қуўатлайтуғыныңызға исенемен.
Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта сондай тәжирийбе қәлиплескен, елимиздиң көпшилик халқы ҳәр қыйлы миллетлер ҳәм халықлар мәдениятының өзине тән өзгешеликлери менен жылына тек ғана еки-үш мәрте, ең дәслеп, Наўрыз байрамы күнлеринде танысыў имканиятына ийе, бул әлбетте жеткиликли емес.
Усыннан келип шыға отырып, Республикалық интернационаллық мәденият орайы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги ҳәм елимиздеги дөретиўшилик шөлкемлер менен биргеликте кең жәмийетшиликти Өзбекистанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллетлер ҳәм халықлар ўәкиллериниң бийтәкирар мәденияты, халық өнерментшилиги, дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери менен системалы ҳәм турақлы тийкарда таныстырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыўы ҳәм ҳәр жылы жыл даўамында оны әмелге асырыўы мақсетке муўапық болар еди. Бул ушын оларға елимиздеги ең жақсы концерт майданшаларын, театр сахналарын ҳәм көргизбе залларын бериў керек.
Булардың барлығы ҳәр қыйлы халықлар мәдениятларының бир-бирин өз-ара байытыўына, бизиң көп миллетли Өзбекистанымыздың руўхый ҳәм мәдений турмысын буннан былай да айқын көрсетиўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Қәдирли дослар!
Биз сизлер менен елимизде Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы, деп жәрияланған быйылғы жылдың басында ушырасып турғанымыз терең символикалық мәниге ийе.
Адамлардың дәрти менен тәшўишин, мәплерин ойлап жасаўды, халық ушын мүнәсип шараятлар жаратыўды, дүньядағы раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң қатарынан мүнәсип орын алыўды мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгилегенбиз.
Сизлердиң әне усы бағдарламалық ўазыйпаларды турмысқа енгизиўде белсене қатнасатуғыныңызға исенемен. Халқымыз сизлердиң биз ушын оғада әҳмийетли, қаншелли зәрүр жумысыңызды жоқары қәдирлейди ҳәм ол мүнәсип баҳаланбақта.
Ғәрезсизлик жылларында Республикалық интернационаллық мәденият орайының ҳәм миллий мәдений орайлардың жүзден аслам белсендилери ҳүрметли атақларға ийе болды, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Ҳәр қыйлы миллетлердиң ўәкили болған 14 пуқарамыз Өзбекистан Қаҳарманы деген жоқары атақ пенен сыйлықланғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Мен жеке өзим сизлердиң көпшилигиңизди таныйман, айырымларыңызды телевидениедеги, баспасөздеги шығыўларыңыз арқалы билемен ҳәм бүгин басқаларға өрнек болатуғын, халқымыздың дослығын ҳәм аўызбиршилигин беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырған және 20 дан аслам инталы ҳәм пидайы жерлеслеримизге Ўатанымыздың жоқары сыйлықларын тапсырып атырғанымнан қуўанышлыман.
Олардың арасында Наўайы ўәлаятының Кенимех районындағы қарақалпақ миллий мәдений орайының белсендиси Нуркул Базарбаева, Республикалық интернационаллық мәденият орайы директорының орынбасары Сергей Миронов, Ташкент ўәлаятындағы Янгийўл районы татар миллий мәдений орайының баслығы Анися Гатауллина, Сырдәрья ўәлаятындағы рус миллий мәдений орайының баслығы Фаина Голубцова, Хорезм ўәлаятындағы қазақ миллий мәдений орайының баслығы Пўлатбек Изюмов, Жиззақ ўәлаятындағы корейс миллий мәдений орайының баслығы Олег Ким, Ферғана ўәлаятындағы еврей миллий мәдений орайының баслығы Семён Абдураҳмонов, Ташкент қаласындағы литва миллий мәдений орайының баслығы Лидия Довидайтис, Самарқанд ўәлаятындағы немис миллий мәдений орайының баслығы Наталья Кайзер, Нөкис қаласындағы «Славутиш» украин миллий мәдений орайының баслығы Ольга Миронец, Қашқадәрья ўәлаятындағы тәжик миллий мәдений орайының баслығы Абдурасул Эргашев сыяқлы жерлеслеримиз бар.
Сондай–ақ, Ташкент қаласындағы «Свитанак» белорусь миллий мәдений орайы баслығының орынбасары Нина Шубникова, Қашқадәрья ўәлаятындағы араб миллий мәдений орайы баслығының орынбасары Ниёзмуҳаммад Панжиев, Бухара ўәлаятындағы түрк миллий мәдений орайы баслығының орынбасары Жума Шукуров, республикалық әзербайжан миллий мәдений орайының «Әзербайжан қызлары» ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы Кайкеп Алиева, Қарақалпақстан Республикасы түркмен миллий мәдений орайының белсендиси Аразмухаммет Абаев, Әндижан ўәлаятындағы қырғыз миллий мәдений орайының белсендиси Умутхон Маматалиева, республикалық армиян миллий мәдений орайының белсендиси Георгий Сааков ҳәм басқалар да мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Олар биргеликтеги ис-ҳәрекетлери менен ең әҳмийетли ўазыйпаны орынламақта, яғный елимизди раўажландырыўға, оның руўхый ҳәм инсаныйлық тийкарларын беккемлеўге мүнәсип үлес қоспақта.
Енди ушырасыўымыздың кеўиллерди толқынландыратуғын бөлимине өтиўге - Ўатанымыздың жоқары сыйлықларын тапсырыўға руқсат еткейсиз.
Ҳүрметли дослар!
Сизлердиң ҳәммеңизди Республикалық интернационаллық мәденият орайы дүзилгениниң 25 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлап, әзиз Өзбекистанымыздың турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында бийғәрез мийнетиңиз ушын өзимниң терең миннетдаршылығымды билдириўге руқсат еткейсиз.
Сизлер менен, көп миллетли ҳәм мийнеткеш халқымыз бенен биргеликте еркин демократиялық ҳәм абат мәмлекет қурамыз және гөзлеген жоқары мақсетлеримизге әлбетте ерисемиз.
Сизлердиң бәршеңизге беккем денсаўлық ҳәм әўмет, ығбал-бахыт, шаңарақларыңызға пайыз ҳәм берекет тилеймен.
Барлық жақсы ислеримизди Жаратқанның өзи қолласын!
Гөззал диярымызда бәрҳама тынышлық ҳәм татыўлық турақлы болсын!
Ўатанымыздың аспаны ҳәмийше ашық, халқымыз аман болсын!
Итибарыңыз ушын рахмет.