Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ИНТЕРНАЦИОНАЛЛЫҚ МӘДЕНИЯТ ОРАЙЫНЫҢ 25 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МИЛЛИЙ МӘДЕНИЙ ОРАЙЛАРДЫҢ БИР ТОПАР БЕЛСЕНДИЛЕРИН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

2017-01-24 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде кеңпейиллик, тынышлықсүйер ҳәм инсаныйлық орталығын беккемлеў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң өзине тәнлигин сақлаў ҳәм раўажландырыў, жасларымызды ана Ўатанға сүйиспеншилик, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўслик» ордени менен

Абаев Аразмуҳаммед Аллабаевич - Қарақалпақстан Республикасы түркмен миллий мәдений орайының белсендиси, Төрткүл районы «Мекан» газетасының бас редакторы

«Шуҳрат» медалы менен

Миронец Ольга Артемовна – Нөкис қаласындағы «Славутич» украин миллий мәдений орайының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының лаборатория баслығы

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 24-январь

Поделиться