Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ХАЛЫҚТЫҢ ИШИНЕ КИРИП БАРЫП, АДАМЛАР МЕНЕН ПИКИРЛЕСИЎ – ИНСАН МӘПЛЕРИН ТӘМИЙИНЛЕЎДИҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ФАКТОРЫ

2017-01-21 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономиалық реформалардың барысы, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен ушырасыў және пикирлесиў мақсетинде 20-январь күни Қарақалпақстан Республикасына келди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Республикасы Президенти сыпатында биринши сапарын қарақалпақ жеринен баслағаны үлкен әҳмийетке ийе. Бул әлбетте мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға, қарақалпақ халқына болған жоқары ҳүрмети ҳәм итибарынан дәрек береди.

Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының Шоманай районында болып өткен сайлаўалды ушырасыўында: «Мен тек ғана өзбек халқының емес, ал қарақалпақ халқының да перзентимен!», деп атап өткен еди. Соның менен бирге, усы регионда жасап атырған халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген кең көлемли жумысларға тоқтап, соның ишинде: «Буннан соң ҳәр бир районға ҳәм қалаға, керек болса, ең шетки аўыллар менен елатлы пунктлерге шекем кирип барамыз. Ол жерде жасап атырған адамлардың дәртин тыңлаймыз, машқалаларын шешиўге қаратылған бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм оның орынланыўын қатаң түрде қадағалаўға аламыз», деген еди.

Қарақалпақстан Республикасына бүгинги сапар етиўи әне усындай жақсы мақсетлердиң, Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында белгиленген ўазыйпалардың және бир әмелий орынланыўы сыпатында көзге тасланғанлығын атап өтиў орынлы.

Бизге белгили, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының экономика тармақлары, санаат, қурылыс, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик салалары да жедел раўажланбақта. Бүгинги күнде жалпы аймақлық өнимниң дерлик ярымы, аймақлық экспорттың 75 проценти жеке сектордың үлесине туўра келмекте. Жумыс пенен бәнт болған халықтың 75 проценти әне усы салада мийнет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта бул аймақтың қыйын шараяты, Арал теңизи менен байланыслы регионда жүзеге келген экологиялық апатшылық халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, сапалы медициналық жәрдем көрсетиў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақ және мәҳәлле инстутларына итибар қаратыў, ҳаял-қызлардың және жаслардың жәмийеттеги орны менен абыройын арттырыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша кешиктирип болмайтуғын әмелий жумысларды талап етпекте.

Әне, усы мақсетте мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи даўамында әпиўайы адамлар менен ушырасты, шаңараңларға кирип барып, олардың турмыс шараятлары менен жақыннан танысты. Халық пенен шын жүректен пикирлесиўлер болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Хожели районының орайлық емлеўханасына барды. Заманагөй медициналық техника менен тәмийинленген бул мәкеме райондағы 11 аўыллық шыпакерлик пункти ҳәм 4 поликлиника менен биргеликте 130 мыңнан аслам халыққа сапалы хызмет көрсетип келмекте.

Денсаўлық инсанның ең қымбатлы байлығы болып табылады. Адамларға денсаўлығын беккемлеўде жәрдем көрсететуғын қәниге ең абыройлы кәсиплерден бириниң ийеси болып табылады.

Шавкат Мирзиёев емлеўханадағы шараят пенен танысты, қабыллаў, рентген, диагностика ҳәм бир қатар басқа да бөлимлерди көзден өткерди. Шыпакерлер менен пикирлесиўде маман медицина кадрларын жетистириў, медициналық үскенелерден өнимли пайдаланыў, хызмет көрсетиў маманлығын арттырыў, емлеўханаларды қурыўда ҳәр бир аймақтың өзине тән ықлым шараятынан келип шығыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Буннан соң Президентимиз «Мүриўбет» ҳаял-қызлар интернатына барып, бул мәкемениң жумысы менен танысты. Шыпакер ҳәм мийирбекелер менен сәўбетлесип, мәкемеде жаратылған шараятларды буннан былай да жақсылаў ушын мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсетилетуғынын атап өтти.

Райондағы 69-санлы мектеп оқытыўшылары менен болған пикирлесиў ўақтында мектеплердиң инфраструктурасын жақсылаў, бул жерде лицейлердиң ҳәм колледжлердиң келешектеги мүнәсип оқыўшыларын таярлаў ҳәм улыўма Ўатанның раўажланыўы ушын маман кадрларды тәрбиялаў жумысларын жетилистириў темасында сөз болды.

Шавкат Мирзиёев Агросанаат орайы қурылып атырған участкада да болды. 2017-2018-жылларда иске түсирилиўи мөлшерленип атырған бул комплекс 11 гектар майданды ийелейди. Бул жерде аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў имаратлары, сондай-ақ, терминал, жүк түсириў ҳәм тийеў майданы, музлатқыш, ыссылық ханалары, бажыхана, ангар, мийманхана, аўқатланыў орны, спорт комплекси сыяқлы объектлер қурылады.

Усы жердиң өзинде Хожелиде турақ-жай инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери де додаланды. Мәмлекетимиз басшысы адамлар басланған өзгерислерди өз турмысында сезиниўи ушын быйылғы жылдың ақырына шекем 40 көп қабатлы турақ-жай имаратын қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў ҳаққында көрсетпе берди.

Шавкат Мирзиёев «Қарақалпақстан» аўыллық шыпакерлик пунктинде де болды. Шыпакерлер менен ушырасыўда халықтың мәмлекетлик уйымларға исенимин беккемлеўде медицина мәкемелери хызметкерлериниң жумысы айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди. Аўыллық шыпакерлик пунктлерди заманагөй медициналық үскенелер менен бир қатарда дәри-дармақ ҳәм басқа да зәрүр затлар менен тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Президентимиз Шоманай районындағы Жумабай Базаров атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине келди. 211 оқыўшы билим алып атырған бул дәргайда миллий музыка әсбаплары, фортепьяно, хореография, сүўретлеў көркем өнери сыяқлы оннан аслам бағдарда сабақ өтиледи. Оқыў орнының ашылғанына тек ғана бир неше жыл болғанына қарамастан, оның оқыўшылары бир қатар таңлаўларда, атап айтқанда, 2 мәрте елимиз көлеминде өткерилген таңлаўда биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары менен ушырасыў ўақтында жәмийетшилик ўәкиллери Өзбекистан Республикасы Биринши Президенти Ислам Кәримовтың жас әўладты физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаўға айрықша итибар бергенин, Президентимиз Шавкат Мирзиёев ол инсанның бул бағдардағы саўаплы жумысларын избе-из даўам еттирип атырғанын атап өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Агросервис МТП» жуўапкершилиги жекленген жәмийетиниң Қанлыкөл районы филиалында да болып, бәҳәрги атыз жумысларына пуқта таярлық көриў туўралы пикирлести. Районда пахта майданын басқышпа-басқыш қысқартып, шарўашылықты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.

Қанлыкөл педагогикалық колледжинде болған ушырасыўда Президентимиз колледж қәнигеликлерин заман талабына сәйкес түрде өзгертиў, районның экономикалық-социаллық турмысы ушын зәрүр кадрларды таярлаў кереклигин атап өтти. Илимий, көркем әдебиятларды қарақалпақ тилине аўдарыў, баспадан шығарыў ҳәм билимлендириў мәкемелерине жеткерип бериў бойынша усыныслар берди.

Мәмлекетимиз басшысы Қоңырат – Мойнақ ишимлик суўы тармағы қурылысының басланыўы менен танысты. Бул 101 километрлик суў тармағы иске түсирилгеннен соң, бир суткада 7 мың куб метр суў жеткерип бериў және 25 мыңнан аслам халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы белсендилери менен ушырасыў болып өтти. Мәжилисте Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапар етиўи даўам етпекте.

Поделиться