Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Украина Президенти менен телефон арқалы сөйлесиў
2016-12-13 | Сиясат
Өзбекистан Республикасының сайланған Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Украина Президенти Пётр Порошенко арасында Украина тәрепиниң басламасы менен 2016-жыл 13-декабрь күни телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.
Украина Президенти Шавкат Мирзиёевты Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўда исенимли жеңиске ерискени менен шын жүректен қутлықлады.
Президентлер түрли тараўларда Өзбекистан менен Украина қатнасықларының бүгинги жағдайын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалап, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.
Мәмлекет басшылары Өзбекитсан ҳәм Украина арасындағы өз-ара пайдалы қатнасықларды, бәринен бурын, саўда-экономикалық саладағы байланысларды кеңейтиў жолында биргеликте ҳәрекет етиўге, бунда еки мәмлекеттиң қолда бар имканиятларын толық иске қосыўға келисип алды.
Пётр Порошенко Шавкат Мирзиёевты өзине қолайлы ўақытта Украинаға сапар етип келиўге мирәт етти.