Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаўдың дәслепки нәтийжелерин жәриялады

2016-12-05 | Cайлаў

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайында өткерилген брифингте Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўының дәслепки нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов 2016-жылдың 4-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған демократиялық принциплери тийкарында ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық түрде өткерилгенин атап өтти.

– Президент сайлаўының тарийхий ҳәм сиясий әҳмийетин терең түсинген көп миллетли Өзбекистан халқы және бир мәрте өзиниң Ўатанымыз тәғдирине жуўапкершилик сезимин, пуқаралық позициясын көрсетип, даўыс бериўде жоқары сиясий белсендилик пенен қатнасты, – деди Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы.

Сайлаўшылардың дизимине киргизилген 20 миллион 461 мың 805 сайлаўшының 17 миллион 951 мың  667 си даўыс бериўде қатнасты. Бул сайлаўшылардың улыўма санының 87,73 процентин қурайды. Бул «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамның 35-статьясына муўапық Президент сайлаўының  өткенлигинен дәрек береди.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесин бес халықаралық шөлкем – Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Пүткил жер жүзилик сайлаў уйымлары ассоциациясы ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми, сондай-ақ, 46 мәмлекеттен 600 ге шамалас бақлаўшы бақлап барды.

Сайлаўда қатнасқан төрт сиясий партияның 37 мыңнан аслам ўәкили де даўыс бериў ҳәм даўысларды санап шығыў процесин бақлап барды. Сайлаў комиссиялары тәрепинен олардың жумыс ислеўи ушын барлық шараят жаратып берилди.

Сайлаў процесин елимиз ҳәм шет ел ғалаба қуралларының 1 мың 400 ден аслам ўәкили кеңнен сәўлелендирмекте.

Даўыс бериў ҳәм даўысларды санап шығыў процесинде сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери талапларының бузылғаны ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўшылардан, сиясий партиялардың бақлаўшыларынан, халықаралық ҳәм шет елли бақлаўшылардан мүрәжатлер келип түспеген.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы 4-декабрь күни даўыс бериў жуўмақланғаннан соң, сайлаў участкаларында Президентликке талабанларды көрсеткен сиясий партиялардың бақлаўшылары, халықаралық бақлаўшылар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң бақлаўында ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўысларды өз алдына бөлек-бөлек санап шығыў жумыслары басланып, бул процесс жуўмақланғанша тәнеписсиз даўам еттирилгенин мәлим етти.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўдың дәслепки нәтийжелерине бола, Сарвар Отамуратовқа 421 мың 55 пуқара яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың улыўма санының 2,35 проценти, Шавкат Миромонович Мирзиёевқа 15 миллион 906 мың 724 пуқара яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың улыўма санының 88,61 проценти, Хатамжон Абдурахманович Кетмоновқа 669 мың 187 пуқара яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың улыўма санының 3,73 проценти, Наримон Мажидович Умаровқа 619 мың 972 пуқара яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың улыўма санының 3,46 проценти даўыс берген.

Солай етип, 2016-жыл 4-декабрь күни болып өткен Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Мирзиёев жеңиске еристи.

Брифингте ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен усынылған баянлама ҳәм басқа да ҳүжжетлерди көрип шығып атырғаны мәлим етилди. «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, бул ҳүжжетлер, зәрүр болса, айырым участкалық сайлаў комиссияларының материалларын Орайлық сайлаў комиссиясы және бир мәрте терең тексереди ҳәм оннан соң сайлаўдың нәтийжеси бойынша қарар қабыл етеди.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мәлимлеме сайлаўдан соң он күннен кешиктирилмей, яғный,  2016-жыл 14-декабрьге шекем Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен баспасөзде жәрияланады.

Поделиться