Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан – Европа Аўқамы: бирге ислесиўдиң келешектеги басқышлары
2016-11-05 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында «Өзбекистан – Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
«Өзбекистан – Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитети 1999-жылда Өзбекистан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында шериклик және бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге муўапық шөлкемлестирилген болып, парламентаризм саласындағы еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў мақсетинде жумыс алып барады. Парламентлик бирге ислесиў комитетиниң жумысы арқалы парлемент депутатлары шерик еллерде өткерилип атырған ең әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық илажалар ҳаққында хабардар етилмекте, ҳәр қыйлы халықаралық ҳәм басқа да илажларды өткериўге жәрдем көрсетилмекте.
Комитеттиң мәжилисинде Өзбекистан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды, атап айтқанда, социаллық-экономикалық, инвестициялық, қаржы ҳәм ҳуқық салаларындағы, сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы қатнасықларды буннан былай да жақсылаўдың әҳмийетли мәселелери додаланды. Буннан тысқары, тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликке болған қәўиплерге қарсы гүресиў, регионның турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий сәўбетлесиў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўға байланыслы илажларды додалады.
Мәжилис қатнасыўшылары Өзбекистан – Европа Аўқамының бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул бирге ислесиў тәреплердиң жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы салаларындағы сәўбетлесиўин тереңлестириўден өз-ара мәпдарлығына тийкарланған.
Комитеттиң мәжилисинде шығып сөйлегенлер Өзбекистан Биринши Президентимиз Ислам Кәримов тәрепинен белгиленген демократиялық реформалардың жолына, өзиниң халықаралық миннетлемелерине садық қалып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Мәмлекетлик басқарыў системасының жетиклиги ҳәм турақлылығының жоқары дәрежеси, демократиялық процесслер менен институтлардың раўажланғанлығы халықаралық майданда елимиз абыройының буннан былай да артыўына тийкар болмақта.
Мәжилисте демократиялық ҳуқықый мәмлекетти курыў, күшли пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша Өзбекистанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, киши бизнес ҳәм жеке исбилериенликтиң жедел раўажланыўын буннан былай да тәмийинлеў, жеке меншикти қорғаў ҳәм қол қатылмаслығын кепилликке алыўдың ҳуқықый механизмлерин беккемлеў, сондай-ақ, суд-ҳуқық системасын реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды күшейтиўге бағдарланған илажларға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң демократиялық процесслерди әмелге асырыў ҳәм жәмийетти раўажландырыў бойынша ролиниң артып атырғанын айрықша атап өтти. Буған парламентлик жумысты тәртипке салатуғын ҳуқықый механизмлерди жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар көмеклеспекте. Атап айтқанда, нызам шығаратуғын ҳәкимият жоқары уйымының қабыл етилип атырған нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы ролин арттырыўға, электораттың халық сайлаған ўәкиллерине болған исенимин беккемлеўге хызмет ететуғын быйылғы жылы қабыл етилген «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамның әҳмийети атап өтилди.
Усы жыл 4-декабрь күни болып өтетуғын Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў шеңбериндеги илажларды додалаў ўақтында Өзбекистанда ашық ҳәм әдалатлы демократиялық сайлаўды өткериў ушын барлық зәрүр шараятлардың жаратылғанлығы, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң барысын мониторинг етиўге халықаралық бақлаўшылардың кеңнен тартылғаны атап өтилди.
Европа парламентиниң ағзалары Өзбекистанда жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы салаларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелерине жоқары баҳа берди. Европарламенттиң депутатлары өз шығып сөйлеринде Орайлық Азия регионында турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша, соның ишинде, терроризм, экстремизм және нәшебентлик затларының нызамсыз айланысына қарсы гүресиў мәселелеринде Өзбекистанның позициясын қоллап-қоллайтуғынын айрықша атап өтти. Өзбекистан ҳәм Европа Аўқамының қурамына киретуғын еллердиң арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
Улыўма, «Өзбекистан – Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитетиниң мәжилиси әмелий ҳәм исшеңлик орталығында өтти. Мәжилис нәтийжелерине бола парламенттиң бирге ислесиўин және де жеделлестириў, w0qr-w0w0-жылларда инкативлик көмеклесиў бағдарламасын әмелге асырыў, Өзбекистан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, парламент ағзаларының тәжирийбе алмасыўына байланыслы халықаралық конференциялар, тренинглер, семинарлар ҳәм басқа да илажларды биргеликте өткериў бойынша қарар қабыл етилди.
Ивета ГРИГУЛЕ, Европарламенттиң Орайлық Азия еллери ҳәм Монголия менен қатнасықлар бойынша делегациясының баслығы (Латвия):
– Пурсаттан пайдаланып, Өзбекистан Республикасы Биринши Президентиниң қайтыс болыўына байланыслы Өзбекистан халқына терең кеўил билдиремиз. Ислам Кәримов өзиниң пүткил күш-ғайратын ҳәм идеологиясын Өзбекистанды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, оның ғәрезсизлигин беккемлеўге бағышлады.
Европапарламент ҳәм Өзбекистанның бирге ислесиўи соңғы жыларда және де раўажланбақта. Европа Аўқамы ҳәм Европапарламенттиң Өзбекистанға болған мүнәсибети бәрҳама жыллы ҳәм дослық шеңберинде болып келген. Өткен жыллар даўамында барлық салалар бойынша, соның ишинде, билимлендириў, социаллық сала, регионаллық раўажланыў, аўыл хожалығында көплеген жойбарлар әмелге асырылды. Булар бизиң жақын келешектеги шериклигимиздиң де әҳмийетли бағдарлары болып қалады. Европа Аўқамы буннан былай да елиңизди қоллап-қуўатлай береди.
Европа Аўқамына ағза еллер ҳәм Өзбекистан өз-ара бирге ислесиў шеңберинде бизди бирлестиретуғын унамлы тәжирийбеге итибарды кшейтпекте. Себеби, бирге ислесиўимиз улыўмалық қәдриятларымызға ҳәм мақсетлеримизге тийкарланған. Мақсетлеримиз Өзбекистан ҳәм Европа Аўқамы халықларының абадан турмыс кешириўине қаратылған.
Херберт ДОРФМАН, делегацияның ағзасы (Италия):
– Орайлық азия регионының еллери, соның ишинде, Өзбекистан менен бирге ислесиўди беккемлеў Европа Аўқамы ушын әҳмийетли бағдар есапланады. Бул 2014-2020-жылларда регионды раўажландырыўға көмеклесиў бойынша индикативлик бағдарламамызда да өз сәўлелениўин тапқан. Онда, атап айтқанда, Орайлық Азия еллери менен қаржы саласындағы бирге ислесиўдиң көлемин бир миллиард евроға арттырыў нәзерде тутылған. Биз мәжилис ўақтында Өзбекистанның жеңил санаатын раўажландырыў перспективаларын да додаладық. Елиңизде тек ғана жоқары сапалы пахта жетистирилип қоймастан, ал оны қайта ислеўди әмелге асырыў имканиятын беретуғын заманагөй тоқымашылық санаатының да бар екени де итибарға ылайық. Сондай-ақ, Өзбекистан ески ҳәм бай тарийхқа ийе гөззал ел болып табылады. Уллы жипек жолы Өзбекистанды Европа регионы менен байланыстырады. Усы мәнисте туристлик потенциалын буннан былай да раўажландырыў, оның инфраструктурасын беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўди раўажландырыўыз зәрүр.
Брандо БОНИФЕЙ, делегацияның ағзасы (Италия):
– Бүгинги мәжилис әҳмийетли мәселелерди додалаў, тәжирийбе алмасыў ушын қолайлы имканият болды. Бизнес структуралар менен жаңа қатнасықларды орнатыў, экономика саласындағы бирге ислесиўди жеделлестириў Өзбекистан ҳәм Европа Аўқамы бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарлары болыўы керек.
Марк ТАРАБЕЛЛА, делегацияның ағзасы (Бельгия):
– Өзбекистанда избе-из экономикалық реформаларды әмелге асырмақта ҳәм халықаралық кооперация ушын өз базарын ашпақта. Бул киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға көмеклеспекте. Өзбекистанда исбилерменлердиң басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған беккем ҳуқықый база жаратылған. Буннан тысқары, елиңизде ҳүким сүрип атырған турақлы жағдай да шет ел инвестицияларын тартыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекистан парламентинде Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллик институтын шөлкемлестириў мәселесиниң көрип шығылып атырғаны айрықша дыққатқа ылайық. Бул институт нызамшылық дәрежесине ҳәм халықаралық әмелиятқа толық муўапық ҳалда қурылады.