Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қырғызстан Президенти менен телефон арқалы сөйлесиў ҳаққында
2016-10-27 | Сиясат
2016-жылы 26-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоев арасында Қырғызстан тәрепиниң басламасы менен телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.
Мәмлекет басшылары Өзбекистан ҳәм Қырғызстан бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысып, өз-ара қатнасықлардың бир қатар тийкарғы бағдарларында унамлы өзгерислер жүз берип атырғанын айрықша атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында атап өтилгениндей, Ферғана ойпатлығының шегаралас ўәлаятлары басшылары ҳәм кең жәмийетшилигиниң қатнасыўында Әндижан ҳәм Ош қалаларында болып өткен Өзбекистан және Қырғызстанның абыройлы делегацияларының ушырасыўлары көп әсирлик дәстүрий дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланысларын, халықларымыз арасындағы өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет орталығын беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Алмазбек Атамбоев Өзбекистан-Қырғызстан мәмлекетлик шегараларын делимитация ҳәм демаркация етиў бойынша еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары биргеликте алып барып атырған жумыслардың табыслы жуўмақланыўынан тәреплер бирдей мәпдар екенин атап өтти.
Мәмлекет басшылары тәреплерди қызықтырған бир қатар регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша да пикир алысты.
Өзбекистан ҳәм Қырғызстан басшылары туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында көп қырлы ҳәм узақ мүдетли байланысларды, регионымызда турақлылықты ҳәм қәўипсизликти еле де беккемлеў мақсетинде буннан кейин де түрли дәрежедеги өз-ара байланысларды даўам еттириўге ҳәм хошаметлеўге келисип алды.