Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ЎАЗЫЙПАСЫН АТҚАРЫЎШЫ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТЫҢ ИСЛАМ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ШӨЛКЕМИ СЫРТҚЫ ИСЛЕР МИНИСТРЛЕРИ КЕҢЕСИ 43-СЕССИЯСЫНЫҢ АШЫЛЫЎ МӘРЕСИМИНДЕ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

2016-10-19 | Сиясат

Биссмиллаҳир Раҳманир Раҳим.

Ҳүрметли Басшы мырзалар!

Уллы мәртебели, ҳүрметли министрлер ҳәм делегациялардың басшыларыS

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи баракатуҳу.

Бәринен бурын, сиз, әзиз мийманларды, Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер ҳәм бақлаўшы статусына ийе еллер делегацияларының басшыларын, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин, Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңеси 43-сессиясының барлық қатнасыўшыларын Өзбекистан диярында қутлықлаўға ҳәм сизлерге шын жүректен ҳүрметимди билдириўге руқсат еткейсиз.

Бүгинги күнде көп тәреплеме бирге ислесиў бойынша ең абыройлы ҳәм ири институтлардан бири болған Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бул әҳмийетли әнжуманын өткериў ушын Өзбекистан пайтахты – Ташкенттиң таңлап алынғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.

Бул сессия муқаддес ислам қәдриятларын қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, мусылман халықлары арасында аўызбиршиликти беккемлеў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, шөлкемге ағза мәмлекетлер халықларының раўажланыўына ҳәм абаданлығына көмеклесиў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемиз.

Усы форумға таярлық шеңберинде ерисилген өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжелери бизди қанаатландырады. Бул бағдарда Бас секретариат ҳәм жеке оның басшысы мырза Ияд Маданий, шөлкемге ағза мәмлекетлер тәрепинен әмелге асырылған нәтийжели жумысларды, бунда аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў руўхы сәўлеленгенин жоқары қәдирлеймиз.

«Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке  қарай жол» темасы 43-сессияның күн тәртибиниң тийкарғы идеясы етип белгиленгени терең символикалық мәниге ийе. Бул идея «Бесиктен қәбирге шекем илим изле» деген белгили даналық сөзге үнлес. Бул тема үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған, уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында узақты көре алатуғын Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов тәрепинен, Алла таала ол инсанды өз рахметине алсын, дүнья халықларының, өз халқының тәғдири, бүгинги қыйын шараятта мүқәддес динимиздиң әҳмийети туўралы терең пикирлесиўлердиң нәтийжеси сыпатында усыныс етилген еди.

Дүнья жедел өзгерип, турақлылық ҳәм халықлардың беккем раўажланыўына қәўип салатуғын түрли жаңа қәўип-қәтерлер пайда болып атырған бүгинги күнде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа, әдеп-икрамлылық тәрбиясына, жаслардың билим алыўына, камалға келиўге умтылыўына итибар қатарыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли саналады.

Әйне билимлендириў ҳәм ағартыўшылық инсаният абаданлығының тийкарғы факторларынан есапланады, инсанларды жақсылыққа, қайыр-сақаўатлы, сабыр-тақаатлы болыўға шақырады. Муқәддес ислам динимиз бизге әйне усыны үйретеди.

Бундай көз-қарас – дәўирдиң талабы.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

«Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай жол» сүрени Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бүгинги әнжуманының темасы етип белгиленгени тегин емес.

Себеби, бул әнжуман сиз бенен бизиң уллы бабаларымыздың киндик қаны тамған Өзбекистан диярында болып өтпекте.

Имам Бухарий, Бурханиддин Марғинаний, Иса ҳәм Ҳәким Термизийлер, Маҳмуд Замахшарий, Муҳаммад Қаффал Шаший, Баҳаўддин Нақшбанд, Хўжа Ахрор Валий, Муҳаммад Хорезмий, Аҳмад Фарғоний, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы ҳәм басқа да көплеген ойшыллардың аты тек ғана исламда емес, соның менен бирге, дүнья цивилизациясы тарийхында орынлы түрде алтын ҳәриплер менен жазылған.

Ислам әлеминде пайғамбарымыз Муҳаммед алайҳиссалам ҳәдислери топламының исенимли дереги деп тән алынған «Ал-жомиъ ас-сахих» топламы «Бәрше мухаддислердиң устазы» болған Имам Бухарийдиң көп жыллық пидәкерлик мийнетлериниң нәтийжеси саналады. Он еки әсирден берли, бул шығарма әҳмийетине көре, муқәддес қураннан кейин, ислам дини ҳаққындағы екинши исенимли жазба дерек болып келмекте. Тек ғана бизиң елимизде емес, бәлким басқа еллерден де мыңлаған, миллионлаған мусылманлар бул теберик инсан туўылған Бухараға барыўға ҳәм оның Самарқандтағы қәбирин зыярат етиўге умтылыўы тегин емес, әлбетте.

Х әсирде самарқандлы ойшыл, «Имам ал Худа» (Хидоят жолының имамы) деп данқ таратқан Абу Мансур Матуриди тәрепинен тийкар салынған Матуридия тәлиматы пүткил ислем әлемине кеңнен тарқалған.

Мотуридия тәлиматы илим ийелеў процессинде кең пейиллик идеясы тийкарында инсан ақыл-парасатының орны ҳәм әҳмийетине жоқары итибар қаратады. Бул өз гезегинде бул тәлийматтың кең ғалаба ен жайыўында әҳмийетли орын ийелеген. Бундай идеяларға бүгинги күнде де инсаният үлкен зәрүрлик сезбекте.

Уллы тарийхта ҳеш нәрсе изсиз кетпейди. Ол халықлардың қанында, тарийхый естелигинде сақланады ҳәм әмелий жумысларда көринеди. Соның ушын да ол қүдиретли саналады. Тарийхый мийрасты қәстерлеп-сақлаў, үйрениў ҳәм әўладтан-әўладқа қалдырыў мәмлекетимиз сиясатының  ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады.

Жаңа қәўиплер, соның ишинде, «Ғалабалық мәденият» қәўпи ҳәм жатып ишерлик кейпияты пайда болып атырған, әдеп-икрамлылық, қәдриятлардың жоғалыў қәўпи жүзеге келип атырған ҳәзирги глобалласыў шараятында бул оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Сонлықтан, мениң пикиримше, инсанның руўхый дүньясы, халықлардың мәдениятын белгилейтуғын дереклерди қәстерлеп-сақлаў ҳәм байытыў бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Әзелий қәдриятларымыз ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди өзинде жәмлеген мүқәддес динимизди қәстерлеў ҳәм қәдирлеў ҳәр биримиздиң саўаплы парызымыз. Ислам – ҳақыйқатты түсиниў дегени, ол адамзатты ийгиликли әмеллерди орынлаўға, ҳәр биримизди жақсылыққа ҳәм тынышлыққа шақырады, ҳақыйқый инсан болыўды үйретеди.

Биз Ислам дининен зорлық ҳәм бузғыншылық мақсетлеринде  пайдаланыўға урынып атырған кимселерди кескин  қаралаймыз ҳәм олар менен ҳеш қашан келисе алмаймыз. Муқәддес динимизди барқулла қорғаймыз.

Халқымыз атеистлик ҳүкмдарлықтан азат болғаннан кейин, ғәрезсизлик жылларында Өзбекистанда бабаларымыздың мүқәддес дини болған исламның жәмийетимиздеги орнын қайта тиклеў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды.

1999-жылы Ташкентте Орайлық Азияда биринши Ислам университети ашылды. Мәмлекетимизде 10 диний оқыў дәргайы, соның ишинде Ташкент ислам институты, 9 орта арнаўлы оқыў орны жумыс алып бармақта. Олардың екеўи ҳаял-қызлардың оқыў дәргайы саналады. Әне усы тәлим орайлары арасында XVI әсирде қурылып, елимизде илим-пәнди кең ен жайдырыўға хызмет еткен Бухарадағы Мир Араб ҳәм Ташкенттеги Кукалдаш медреселери бар.

Жетпис жыл ҳүким сүрген коммунистлик дүзим дәўиринде Өзбекистаннан тек ғана 130 адам Ҳаж әмелин орынлаған болса, бүгинги күнде ҳәр жылы өзбекистанлы бес мыңнан аслам адам өзиниң жақсы нийети ҳәм мусылманлық парызын өтемекте. Сол ўақытларда көп миллионлы республикамызда тек ғана 30 мешит болған, бүгин болса елимизде мыңлаған мешитлер жумыс алып бармақта. Елимиздиң барлық аймақларында тарийхый ислам естеликлери, мүқәддес зыярат орынлары қайта тикленди. Олардың көпшилигин сиз, әзиз мийманларымыз Өзбекистанға сапарыңыз даўамында зыярат етиў имканиятына ийе боласыз.

Мүқәддес динимиз буннан былай да халқымызды бирлестирип, миллети ҳәм тилине қарамастан, руўхый пәклениў, адамларды тынышлыққа, жақсылыққа, кең пейилликке, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлыққа шақыратуғын, орнын ҳеш нәрсе менен баса аламайтуғын қурал болып хызмет етеуғынына гүман жоқ.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшалары!

Өзбекистанда ғәрезсиз ҳәм күшли мәмлекет қурыўдан тийкарғы мақсет инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери жоқары қәдрият есапланатуғын ҳәм ҳүрмет етилетуғын әдил жәмийет қурыў, соның менен бирге, мусылман әлеминдеги ҳәм дүнья жәмийетшилигиндеги мүнәсип орнымызды буннан былай да беккемлеў болып табылады.

Бул, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм ағартыўшылық системасын жетилистириў, елимиздиң келешеги болған жасларды заманагөй билим алыўға бағдарлаў, бәркамал шахсты тәрбиялаў менен байланыслы екенин биз жақсы түсинемиз. 1997-жылы қабыл етилген Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы ҳәм басқа да мәмлекетлик бағдарламалардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде бул тараў түп-тийкарынан реформаланды, замангөй үзликсиз тәлим-тәрбия системасы жаратылды.

Бүгин барлық ул-қызларымыз он еки жыллық бийпул мәжбүрий билимлендириў менен қамтып алынған. Олар 10 мың реконструкцияланған ямаса қайтадан қурылған кең ҳәм жақтылы мектеплер, 1,5 мың академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде билим алмақта. Дерлик 300 музыка ҳәм көркем-өнер мектеби, 2 мың 200 ден аслам спорт объекти балаларымыздың ықтыярында.

Ғәрезсизлик жылларында елимизде жоқары оқыў орынларының саны 2,5 есеге көбейди. Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларымызда 230 мыңнан аслам студент билим алмақта. Өзбекистанда жети шет елдиң жетекши жоқары оқыў орнының филиаллары жумыс алып бармақта. Талантлы жасларымыздың мыңлаған ўәкиллери дүньяның абыройлы университетлеринде билим алмақта.

Елимизде мәмлекетлик бюджеттиң жалпы ишки өнимге салыстырғанда 7 проценти тәлим-тәрбия саласына бағдарланбақта.

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап елимизде жасларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиўге мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында қарап келинбекте. Себеби жаслар – бизиң келешегимиз. Бул тараўдағы мәмлекетлик сиясатты буннан былай да тереңлестириў ушын жақында Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамы жаңа редакцияда қабыл етилди.

Булардың бәри бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте. Жасларымыз бизнес, илим-пән, мәденият, көркем өнер, әдебият ҳәм спорт салаларында дүньяға даңқ таратқан жетискенликлерге ериспекте. Бул елимиздиң келешегине, уллы бабаларымыз баслаған ийгиликли ислерди келешек әўладлар мүнәсип даўам еттиретуғынына үлкен исеним бағышлайды.

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Биз бүгин инсаният раўажланыўының, айтыў зәрүр болса, кескин бурылыслар жүз берип атырған тарийхый басқышта жасамақтамыз.

Соңғы жылларда Жер жүзинде кескин геосиясий өзгерислер жүз берди, халықаралық көлемде қәўипсизлик ҳәм турақлылық системасы жолдан шықпақта. Глобалласыў процессиниң барған сайын тез пәт пенен түс алыўы тек ғана инсанияттың имканиятларын кеңейтип емес, бәлким қарама-қарсылықлардың кескинлесиўи, раўажланған ҳәм артта қалған мәмлекетлердиң арасындағы айырмашылықлардың өсиўине алып келмекте. Соның ақыбетинде тынышлық ҳәм турақлылыққа қәўип салып атырған, мазмуны ҳәм көлемине бола трансмиллий өзгешеликке ийе  түрли ис-ҳәрекетлер исленбекте.

Баспанасыз  қалып, өзге журтларда сергиздан болып жүрген адамлар аўыр мүсийбетлерди бастан кеширмекте, қураллы қарама-қарсылықлар ҳәм терроризм ақыбетинде бийгүна балалар, кекселер, ҳаял-қызлар қурбан болмақта. Ақыры көринбейтуғын урыслар себепли көплеген еллер ўайраншылыққа айланбақта.

Бундай шараятта Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерди мусылман әлеминде тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыў жолында бирлестириў, өз-ара бирге ислесиўдиң исенимли механизмлерин, ағза еллердиң әҳмийетли мәселелер бойынша сөйлесиўи ушын өзине тән майдан жаратыўға хызмет ететуғын Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң орны ҳәм жуўапкершилиги  және де артпақта.

Шөлкем беккем турақлылық ҳәм қәўипсизликке экономикалық раўажланыўсыз, социаллық қәсийетке ийе машқалаларды шешпей турып ерисип болмайтуғынын түсине отырып жумыс алып барып атырғанын биз жоқары баҳалаймыз. Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң жумыс көлемин еле де кеңейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул бағдарда мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында түрли дәрежедеги сөйлесиўлерди кеңейтиў, тек ғана ҳүкиметлер емес, бәлким парламентлераралық, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, жәмийетшилик ўәкиллери арасында системалы байланысларды жолға қойыў әҳмийетли орын ийелеўи зәрүр. Мине, сол мақсетлер Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди күшейтиўи мүмкин.

Өзбекистан Республикасы Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң баслығы сыпатында шөлкемниң потенциалын еле де күшейтиўге ҳәм ийгиликли мақсетлерге ерисиўге өз үлесин қосыў ушын барлық имканияларды иске салады.

Өзбекистан Кеңеске басшылығы дәўиринде мусылман мәмлекетлериниң нәтийжели ҳәм абыройлы форумы сыпатында шөлкемниң ролин беккемлеўге ҳәрекет етеди.

Өзбекистанның басшылығында өтип атырған бул әнжуманның «Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай жол» сүрени бизиң әҳмийетли бағдарларымызды анық көрсетеди. Олардың ең әҳмийетлилери төмендегилерден ибарат:

Биринши. Халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасы көп жағынан елимиздиң бәсекиге шыдамлылығының тийкарғы көрсеткишине айланған бүгинги шараятта раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында билимлендириўдиң роли артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта жәмийет ҳәм цивилизациялар бәринен бурын жәмийетлик қәдриятлар ҳәм билимлендириў системалары менен бәсекилеспекте.

Усы көз қарастан, уллы бабаларымыз болған ислам әлеми ағартыўшыларының шығармаларын, олардың пүткил жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлесин терең үйрениў, терең түсиниў ҳәм кеңнен ғалаба ен жайдырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Бул мәселе жасларда илимге ҳәм билим алыўға умтылыў сезимин күшейтиў, барлық жәмийетлерде ислам қәдриятларын ҳәм мәдениятын дурыс түсиниў ҳәм қабыл етиў, дүньяның барлық халықларына ислам дининиң ҳақықый мазмун-мәнисин жеткериў ушын әҳмийетли саналады. Сондай-ақ, бүгинги күнде халықаралық көлемде конфессиялар, миллетлер ҳәм мәдениятлараралық сөйлесиўди жолға қойыўда, тынышлық ҳәм татыўлыққа ерисиўде де үлкен әҳмийетке ийе болады.

Екинши. Турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды инновациялық раўажланыўсыз, кең көлемли илимий-техникалық кооперациясыз ҳәм жаңа технологиялардың, илим ҳәм техниканың жетискенликлерин енгизбестен көз алдымызға келтириўге болмайды.

Әне соның ушын илим ҳәм техниканы еле де раўажландырыў, Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза еллердиң интеллектулаллық потенциалын беккемлеў шөлкемимиздиң жумысында айрықша орын ийелеўи лазым, деп есаплаймыз.

Өзбекистан Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде шерик мәмлекетлер менен илимий-технологиялық алмасыўды жеделлестириў, түрли илим-пән салаларында биргеликте изертлеўлер өткериўди усыныс етеди.

Ҳеш гүмансыз, шөлкемге ағза еллердиң бирге ислесиўин Ислам раўажланыў банкиниң жумысысыз көз алдымызға келтириў қыйын.

Пурсаттан пайдаланып, 2016-жыл 1-октябрьден баслап Ислам раўажланыў банкиниң президенти етип сайланған Бандар Хажар уллы мәртебели мырзаны шын жүректен қутлықлайман.

Үшинши. Қәўипсизлик машқаласы оғада кескин ҳәм қәўетерли түс алып атырғаны бәршемизди тәшўишке салып атырғанын атап өтпекшимиз.

Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң татыўлығын тәмийинлеў, олардың арасындағы қарама-қарсылықларға шек қойыў, урыслар, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў барған сайын ҳәўиж алып атырған қарама-қарсылықларды сапластырыўда, тынышлыққа ҳәм турақлылыққа қәўип салып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе болады.

Әсиресе, бар болған ямаса жүзеге келип атырған қарама-қарсылықларды тыныш жол менен, сөйлесиўлер, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормалары тийкарында сиясий-дипломатиялық және халықаралық ҳуқықый механизмлерден пайдаланған ҳалда шешиўге ерисиў ең әҳмийетли ўазыйпа саналады.

Төртинши. Ислам әлеми үлкен экономикалық, инвестициялық потенциалға, энергетика ресурсларына ийе. Олардан дурыс пайдаланыў, Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң халықаралық саўда-экономикалық, қаржылық, инвестициялық бирге ислесиўин кеңейтиў, еллеримизди бирлестиретуғын транспорт жолларын қурыў жоқары экономикалық раўажланыў көрсеткишлерине ерисиў имканиятын береди ҳәм бул соңғы нәтийжеде басқа барлық салалардың раўажланыўында тийкар болып хызмет етеди.

Усы мүнәсибет пенен бул бағдарда Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде, сондай-ақ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми аймағындағы мәмлекетлердиң дүньяның жетекши еллери менен бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў айрықша әҳмийетке ийе.

Бесинши. Усындай қолай пурсаттан пайдаланып және елимиздиң Ислам бирге ислесиў шөлкеминдеги басшылық дәўири ушын усынылып атырған  тийкарғы мақсетлерден бириниң орынланыўы контекстинде мәмлекетимиздиң айырым басламаларын жәрияламақшыман.

Биринши басламаның мазмуны тек ғана ислам мәденияты емес, бәлким улыўма инсаният цивилизацииясына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың көп қырлы диний-руўхый мийрасын үйрениўге қәнигелескен халықаралық илимий изертлеўлер орайын шөлкемлестириўден ибарат.

Бундай орайдың Самарқандтағы Имам Бухарий естелик комплекси жанында жаратылыўы логикалық ис болар еди. Буны бир қатар қолайлы факторлар талап етпекте:

бириншиден, Самарқандтың мусылман мәденияты дүрданаларынан бири екенлиги менен байланыслы дүнья цивилизациясындағы  классикалық орны;

екиншиден, ең уллы мусылман ойшылларынан бири, барлық мухаддислердиң устазы Имам Бухарийдиң теберик мавзолейи жайласқан бул регионға тән болған айрықша руўхый орталық.

Усынылып атырған изертлеў орайы Ислам бирге ислесиў шөлкеми қәўендерлигинде «Самарқандтағы Имам Бухарий халықаралық изертлеўлер орайы» деген уллы ҳәм символикалық атаққа ийе болыўы мүмкин болар еди.

Бизиң уллы басламамызды Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Ияд Маданий уллы мәртебели мырза қоллап-қуўатлайды ҳәм бул жойбарды әмелге асырыўда керекли жәрдемди береди, деп үмит етемиз.

Өзбекистанның тағы бир басламасы – Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша ислам шөлкеминиң арнаўлы кафедрасын Ташкент Ислам университети қурамында шөлкемлестириў менен байланыслы.

Жаңа кафедра жумысының тийкарғы бағдарын мусылман дүньясындағы билимлендириў, илим ҳәм мәденият тарийхы және олардың ҳәзирги жағдайын үйрениў ҳәм олар туўралы студентлерге тереңлестирилген арнаўлы курсларды оқытыўды шөлкемлестириў мүмкин болар еди.

Ҳүрметли дослар!

Усы әнжуманымыз ҳәм сизлердиң Өзбекистанға бул сапарыңыз даўамында Ўатанымыздың бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы менен танысыўыңыз, туризм, гуманитарлық, илимий ҳәм басқа да салалардағы байланысларымызды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди, деген үмиттемиз.

Бул бағдарда биз өз тәрепимизден шөлкемге ағза еллердиң туристлерин ҳәм ўәкиллерин диярымызға келип кетиўи менен байланыслы рәсмий ислерди әпиўайыластырыўға қаратылған илажларды көремиз.

Алтыншы. Ғалаба қырғын қуралын тарқатпаў машқаласы бүгинги күнде ең кескин мәселелерден бири болып қалмақта. Өзбекистан 1993-жылда-ақ Орайлық Азияда ядро қуралынан жырақ аймақты шөлкемлестириў басламасын алға қойған. Бул баслама Өзбекистан ҳәм қоңсы мәмлекетлер тәрепинен 2006-жылы қол қойылған Орайлық Азияда ядро қуралынан жырақ аймақ ҳаққындағы шәртнамада, сондай-ақ, БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы бес ағзасы 2014-жылы қол қойылған Кепилликлер ҳаққындағы протоколда өзиниң әмелий көринисин тапқан.

Өзбекистан ядро қуралынан жырақ аймақлар көлемин избе-из кеңейтиў тәрепдары ҳәм Жақын Шығыста да ядро қуралынан жырақ аймақты шөлкемлестириў идеясын қоллап-қуўатлайды.

Өзбекистан шөлкемге ағза еллер ҳәм, улыўма, мусылман әлеми қәўипсиз ҳәм абадан мәмлекетлерге айланатуғынына исенеди.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министлери кеңесиниң 43-сессиясы халықаралық майданда шөлкемимиздиң потенциалын буннан былай да беккемлеў ҳәм оның абыройын арттырыўға, алдымызда турған улыўма ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге хызмет ететуғынына исенемен.

Сөзимди жуўмақлар екенмен, сизлерди Шығыс дүрданаларынан бири болған Самарқандқа мирәт етиўден қуўанышлыман. Самарқандта бийбаҳа тарийхый-мәдений объектлерди өз көзиңиз бенен көриў, халқымыздың турмысы, мектеп, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеримиз, жоқары оқыў орынларымыздың жумысы менен тиккелей танысыўыңыз мүмкин.

Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 43-сессиясы жумысына табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.  

Поделиться