Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Тоғыз ай жуўмақлары көрип шығылды
2016-10-10 | Экономика
Ѳзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Жаслар сиясаты, мәденият, мәлимлеме системалары ҳәм телекоммуникациялары мәселелери Комплексиниң 2016 жыл 9 айында социал-экономикалық раўажланыў жуўмақларына бағышланған жыйналысы болып өтти.
Жыйналысда Ѳзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримов тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2015 жылда республиканы социал-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм 2016 жыл экономикалық дәстүрдиң ең әҳмийетли бас ўазыйпаларға бағышланған мәжлисте белгилеп берилген ўазыйпалар орынланыўын тәмийнлеў бойынша Комплекс қурамына кириўши министрлик ҳәм ведомстволарда әмелге асырылған жумыслар нәтийжеси ҳәм алдымызда турған ўазыйпалар талқыланды.
Усы жылдың 9 айында Комплекс бойынша жәми 4,6 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылып, хызметлер көрсетилди. Ѳсиў пәти 2015 жылдың усы дәўирине салыстырғанда 127.6 процентти қурады. Халықымызға 2,9 триллион сумлық (122,7 процент) пуллы хызметлер көрсетилди.
Инвестиция дәстүрине киритилген жойбарлар бойынша 247,3 миллион АҚШ доллары көлеминде қаржы өзлестирилди ямаса режеге көре 115,5 процентке, экспорт прогнозы көрсеткишлери ҳәм артығы менен орынланыўына ерисилди.
Жыйналысда Ѳзбекистан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыўға қаратылған ис-иләжлар дәстүри 9 ай даўамындағы орынланыўы ҳәр тәреплеме талқыланды.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атқан кең көлемли реформаларда жаслардың жетекшилик көрсетип қатнасыўын тәмийнлеў, жоқары мәнаўиятлы, ғарезсиз ҳәм еркин пикирлейтуғын заманагөй илим-пән жетискенликлерин пухта өзлестириў, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм баркамал әўладты өсириўге қаратылған жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты избе-из әмелге асырыў, орынларда бирлеспеген жаслардың қызығыўшылық ҳәм ихтияжларын турақлы үйренип барған ҳалда оларды пайдалы мийнетге тартыўға қаратылған ис-иләжлар ислеп шығыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Мәжлисте мәденият ҳәм көркем өнер тараўын жәнеде кеңнен раўажландырыў, бул мәселени комплекс түрде шешиў, инсанларды, әсиресе, жасларды билимли етип тәрбиялаў, жаслар аңына Ўатанға мухаббат сезимин жәнеде тереңрек сиңдириў, музейлер арқалы халықымыз тарийхының ең жарық бетлерин ҳәм хәзирги турмысын, мәмлекетимиздиң еркин демократик раўажланыўын ашықлап беретуғын шығармалар жаратыўда дөретиўшилик ўәкиллерге ҳәм коллективлерге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселелери ҳәм көрип шығылды.
Жасларды театр ҳәм музейлерге кеңнен тартыў, жаслар талабына жуўап беретуғын шы-ғармалар жаратыў, эстрада тараўын тәртипке салыў, бунда жаратылып атырған қосықлардың көркем-идеялық дәрежесин асырыў, музейлар, театрлар ҳәм кинотеатрларының материаллық-техникалық базасын жәнеде беккемлеў, жаслардың заманагөй мәлимлеме–коммуникация технологиялары негизинде өзара кеңесиўи ушын қолай, исенимли мағлыўматларға бай болған жергиликли социаллық тармақлар жаратыў киби мәселелер толық талқыланды.
Комплекс жыйналысында мәлимлеме–коммуникация технологияларын избе-из раўажландырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы, жергиликли ҳәкимияты органларында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жәнеде кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылыўы лазым болған аҳмийетли ўазыйпалардың алып барылыўы, қәнийгелердиң компьютер саўатлылығы бойынша билим дәрежесин асырыў нәтийжелери киби мәселелер анализ қылынды.
Интерактив мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў арқалы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ҳәмде халық ушын бюрократик тосық ҳәм иркинишлерди алып таслаў, оларды мағлыўмат пенен тәмийнлеў системасын раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылған жумыслар толық талқыланды.
Жыйналысда “Саламат ана ҳәм бала жылы” Мәмлекетлик дәстүринде белгиленген ўазыйпалар орынланыўы бойынша аналитикалық мақалалар, көрсетиў ҳәм еситириўлерди баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында, сырт ел мәмлекетлеринде кеңнен пропаганда қылыў бойынша белгиленген ис-иләжларды жәнеде күшейтиў мәселесине ҳәм айрықша дыққат қаратылды.
Жыйналысда Комплекс қурамына кириўши министрлик ҳәм ведомстваларда 2016 жыл ушын белгиленген бас ўазыйпалар орынланыўын толық әмелге асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар белгиленип, тийисли қарарлар қабыл етилди.