Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

KOICA президенти менен ушрасыў

2016-10-05 | Сиясат

2016 жылдың 5 октябрь күни Ѳзбекистан Республикасы Сырткы ислер министрлигинде Корея халык аралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) президенти Ким Ин Сик пенен ушрасыў болып өтти.

Ким Ин Сик Самарканд қаласында Профессионал билим орайының ашылыў салтанатында катнасыў ушын KOICA делегациясына басшылық етип мәмлекетимизге келген.

Сөйлесиўлер даўамында Ѳзбекистан ҳәм KOICA ортасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги аўҳалы ҳәм раўажланыў келешеги мәмлекетимиз ҳәм Корея Республикасы ортасындагы стратегиялық шерикшиликтиң улыўма әҳмийетли жөнелислери көз қарасынан талқыланды.

KOICA делегациясының сапары дәстүринде Ѳзбекистан Ҳүкиметинде, қатар министрлик ҳәм мәкемелеринде ушрасыў ҳәм сөйлесиўлер өткериў ҳәмде Самарканд қаласында болыўы режелестирилген.

Ушрасыўда Корея Республикасы Елшиси Квон Ён У қатнасты.

Поделиться