Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ҚАҲАРМАНЫ» АТАҒЫН БЕРИЎ ҲАҚҚЫНДА

2016-08-23 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның жәҳән көлеминдеги даңқын арттырыў, реформаларды табыслы әмелге асырыў бойынша мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери, өндирис ҳәм социаллық салалардағы көп жыллық пидәкерли мийнети және жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўға қосқан салмақлы үлеси ушын төмендегилерге «Өзбекистан Қаҳарманы» атағы берилип, жоқары белги – «Алтын жулдыз» медалы тапсырылсын:

 

Қурбанов

Равшанбек                

Давлетович

 

— «Республикалық қәнигелестирилген кардиология орайы» акционерлик жәмийетиниң директоры

 

Ражабов

Шарипбой

— Боғот районындағы «Боғот» фермер хожалығының баслығы, Хорезм ўәлаяты

 

 

Умматов

Эркин

Рахманович

— «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң капитал қурылыс дирекциясы баслығының орынбасары – «Ангрен – Поп» электрлестирилген темир жол қурылысының баслығы

 

 

Шарапова

Мухаббат

Араповна

— Қаршы қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының математика пәни муғаллими, Қашқадәрья ўәлаяты

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                        И.КӘРИМОВ

Ташкент қаласы,

2016-жыл 23-август

Поделиться