Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ўақытты –имканиятқа, имканиятты – табысқа, табысты раўажланыў тийкарына айландыра алған ҳалық – уллы халық

2023-08-31 | Жәмийет

Ташкент қаласында 31-август күни Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы үлкен салтанат пенен өткерилди.

Байрамға Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, халқымызды усы қутлы сәне менен қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы өткен дәўирде Өзбекстан ҳәр қыйлы сынақларда тапланып, тәжирийбе арттырып, өзиниң анық мақсети ҳәм жолы, позициясына ийе болған үлкен мәмлекет сыпатында қәлиплескенин атап өтти.

– Сиз, әзизлердиң Ўатанға меҳир ҳәм садықлық пенен ислеп атырған ҳәр күнлик мийнетиңиз Өзбекстан ғәрезсизлигин және де беккемлеўге хызмет етпекте. Усы мәниде, Ғәрезсизлик байрамы – ҳәммемиздиң мақтанышымыз, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Әлбетте, халқымыз ғәрезсизликке, ҳәзирги абаданлыққа аңсатлық пенен ериспеген. Бул жолда ата-бабаларымыздың сиясий ҳәм ағартыўшылық умтылыслары кейинги бир ярым әсир даўамында дерлик тоқтамаған. Еркинликке умтылған миллет қаҳарманлары зулым ҳәм зорлық қурбаны болған. Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги себепли олардың пәк атлары тикленбекте.

Колониялық дүзим дәўиринде халқымыздың ерки, күши, бар имканияты тек ғана дийқаншылыққа қаратылды. «Өзбек» дегенде тек ғана күни-түни пахта атызында мийнет ететуғын мийнеткеш инсанлар көз алдымызға келетуғын еди. Пахта сиясаты Аралды қуртты, экологиямызды кризиске алып келди, экономикамызды, билимлендириў системасын изден шығарды.

Бүгин пахташылықта базар экономикасы принциплери енгизилип, мәжбүрий мийнетке ҳәм балалар мийнетине шек қойылды. Муғаллим мектепке, шыпакер емлеўханаға қайтты. Өзбекстан халықаралық «қара дизимлер»ден шығарылды.

Сиясий ғәрезсизлик тийкарында бәринен бурын экономикалық ғәрезсизлик болатуғыны ҳеш кимге сыр емес. Мийнет ҳәм машақатлар менен бул тийкар беккемленип бармақта. Соңғы 6 жылда елимизде жалпы ишки өним көлеми 1,5 мәртеден аслам, исбилерменлик субъектлериниң саны 2 есеге көбейгени, санааттағы өсиўдиң 40 проценттен асқаны оны анық тастыйықлайды.

– Бирақ биз бүгин менен кешеги күнди емес, бүгин менен ертеңги күнди салыстырыўымыз, жумысымызды усы тийкарда шөлкемлестириўимиз керек. Келешек бүгин биз таслап атырған қәдемлерден басланады,-деди Президент.

Мәмлекетимиз умтылып атырған раўажланыўдың тийкары билимлендириў екени атап өтилип, бул тараўда исленип атырған жумыслар атап өтилди.

– Егер 3 мың жыллық тарийхымызға нәзер таслайтуғын болсақ, ата-бабаларымыз әсирлер даўамында дүнья прогрессине тек ғана физикалық емес, ал интеллектуаллық мийнети менен үлкен үлес қосқанының гүўасы боламыз. Биз жәҳәнге тек ғана шийки зат емес, бәринен бурын, илим-ағартыўшылық, руўхый байлық жеткерип берген не бир уллы инсанлардың әўладымыз. Сөзсиз, оларға тән болған уллы пазыйлетлер, олар жаратқан даңқлы дәстүрлер бүгин де бизиң қәлбимизде, санамызда, турмысымызда жасамақта. Биз бул тарийхый жолды мүнәсип даўам еттириўге ҳәр тәреплеме уқыплы екенимизге, исенемен,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин мәмлекетимиз алдында турған әҳмийетли мәселелерге жәмийетшиликтиң итибарын тартты. Экологияны сақлаў, суў, энергия ҳәм басқа да тәбийғый ресурсларды үнемлейтуғын экономикаға тезирек өтиў, инновациялық өндирис кәрханаларын қурыў ўазыйпасының әҳмийетли екени атап өтилди.

– Ҳеш қашан умытпаўымыз керек, тәбийғый ресурслар – бул келешек әўладларымызға да тийисли болған байлық болып есапланады. Соның ушын, олардан тек ғана ҳәзирги күнди емес, ал ертеңги күнимизди де ойлап, ақылға уғрас пайдаланыўымыз шәрт,-деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа – жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында ҳаял-қызлар ушын тең имканиятлар жаратыў екени атап өтилди. Бул ҳаққында айтып, Президент ағартыўшы бабамыз Абдурауф Фитраттың «ҳаял-қызлар – бул «миллет аналары болып есапланады» деген сөзлерин еске алды.

Инсаният кейинги жыллары қатты сынақлар менен жүзлескени, онда ерк-ықрары беккем ҳәм бирлескен халықлар турақлы раўажланатуғыны атап өтилди.

– Өзбекстанның ҳәр бир перзенти халқымыздың аўызбиршилиги, мәмлекетимиздиң пүтинлиги ушын гүресип жасаўды өз турмысының мәниси деп билиўи керек’  Биз бир болсақ –бир халықпыз, бирлессек – ўатанбыз,-деди Президент.

Халқымыз бәрқулла тынышлық тәрепдары болып келгени, алыс ҳәм жақын мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларының раўажландырылыўына итибар берилди.

Алдындағы ўазыйпалар қаншелли үлкен ҳәм қурамалы болмасын, оларды елимиз биргеликте шеше алатуғыны атап өтилди.

– Тарийхтан белгили: ўақытты-имканиятқа, имканиятты – табысқа, табысты раўажланыў тийкарына айландыра алған халық – уллы халық. Бүгин мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы, мийрим-шәпәәтли елимиз мине, усындай халық болып ортаға шықпақта,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз бул жолда пидайы мийнет етип атырған ўатанласларымызға, пүткил халқымызға миннетдаршылық билдирди.

– Барлық жетискенлик ҳәм жеңислеримиздиң дөретиўшиси ҳәм қурыўшысы болған халқымыз ҳәмийше аман болсын: Гөззал елимизде тынышлық ҳәм татыўлық мәңги болсын! Жанажан Ўатанымызға көз тиймесин! Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын,-деп сөзин жуўмақлады Президент.

Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Онда еркинликти сүйиўгиш ата-бабаларымыз әрманы, ҳәзирги азатлық руўхы, халқымыздың келешекке исеними ҳәм үмитлери билдирилди. Мәмлекетимиз тынышлығы жолында қаза болған мәрт батырлар естелиги еске алынды. Классикалық нама-қосықларда халқымыздың бай көркем өнери ҳәм қәдириятлары, фольклор-этнографиялық жәмәәтлердиң шығыўларында Өзбекстан ҳәр қыйлы мәдениятларды бирлестирген дәргай екени анық көринди.

Салтанатлы илаж телевидение ҳәм интернет арқалы тиккелей көрсетилди.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы байрам илажлары елимиздиң барлық аймақларында даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться