Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

2023-06-27 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, ашық-айдынлықты беккемлеў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, заманагөй журналистика бағдарлары ушын жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Ережепов Бахытбай Кеңесбаевич – Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Nukus teleradiomarkazi» филиалының бас сес режисёры

 «Шуҳрат» медалы менен

Ажимуратов Азамат Лепесбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме бөлими баслығы.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 26-июнь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться