Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Корея Республикасы менен кең көлемли шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди
2023-06-02 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Корея Республикасы сыртқы ислер министри Пак Чин басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан менен Қубла Корея арасындағы дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, кең көлемли бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық тараўларда кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Ушырасыў алдынан сыртқы ислер министри Пак Чин мәмлекетимиз жетекшисине Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёлдиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сәўбетте дос халықларымызды терең тарийхый байланыслар, уқсас менталитет, дәстүрлер ҳәм руўхый қәдириятлар байланыстырып турғаны айрықша атап өтилди.
Ҳәр қашанғыдай тығыз ҳәм конструктивлик сиясий сөйлесиўди, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Жәҳән саўда шөлкеми шеңбериндеги өз-ара жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер де көрип шығылды.
Президентимиз еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
Өткен жылы Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы товар алмасыўы 24 процентке артты. Корея компаниялары өзлестирилген инвестициялар көлеми 7 миллиард доллардан артты.
Улыўма баҳасы 5 миллиард доллар болған перспективалы жойбарлар портфели «жасыл» энергетика, санлы технологиялар, машина қурылысы, химия санааты, электротехника ҳәм тоқымашылық тармақлары, инфраструктуралық раўажланыў, қала қурылысы ҳәм көплеген басқа да бағдарларды қамтып алады.
Мәмлекетимиз Өзбекстанның әҳмийетли инвестициялық ҳәм технологиялық шериклери болған Қубла Корея жетекши компаниялары менен кооперация байланысларын күшейтиўден мәпдар екени атап өтилди.
Жасы үлкенлер ушын төртинши дәрежели көп тармақлы емлеўхана, онкология клиникасы, фармацевтика кластери ҳәм медицина бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемесин қурыў бойынша социаллық ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе жойбарларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Ярым өткизгишлер инновациялық кластерин қурыў ҳәм Баҳалы металлар ҳәм еритпелер орайының жумысын раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгилеп алынды.
Өткен жылы Өзбекстанда жасап атырғанларының 85 жыллығын белгилеген корейс миллетине тийисли көп санлы ўатанласларымызды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, Ташкент қаласындағы Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйиниң жумысын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги