Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық биринши жалпы мәжилиси ҳаққында Мәлимлеме
2023-06-02 | Жәмийет
1-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық биринши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың Youtube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Сенаторлар дәслеп «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Атап өтилиўинше, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар менен бир қатарда бүгинги күнде айырым бағдарларда машқалалар сақланып қалмақта.
Соның ишинде, бир қатар нызам ҳүжжетлеринде мәплер соқлығысыўы ҳаққында түсиник берилген болса да, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерде оларды әмелге асырыў ҳәм қадағалаўдың анық механизмлери белгиленбеген.
Қалаберсе, тараўда бирден-бир әмелиятты қәлиплестиретуғын ўәкилликли уйым жоқ, мәплер соқлығысыўы ҳаққында хабар бериў әмелияты жолға қойылмаған.
«Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамда мәмлекетлик уйымлардың мәплер соқлығысыўының алдын алыў ямаса оны сапластырыў талапларының бузылыўына жол қойған хызметкерлер, сондай-ақ, олардың басшылары нызамшылыққа муўапық жуўапкер болатуғыны белгиленген болыўына қарамастан, нызамшылық ҳүжжетлеринде жуўапкершилик мәселелери нәзерде тутылмаған.
«Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызам жоқарыдағы машқалаларды сапластырыў менен бирге коррупциялық жағдайларды келтирип шығаратуғын мәплер соқлығысыўы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли болып табылады.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам менен оның қолланыў шеңбери анықластырылмақта.
Атап айтқанда, нызам мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, мәмлекетлик мәкемелерге, мәмлекетлик унитар кәрханаларға, мәмлекетлик мақсетли қорларға, сондай-ақ, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент муғдарда ҳәм оннан аслам болған акционерлик жәмийетлерге, устав фондында мәмлекетлик уйымлардың ямаса басқа да шөлкемлердиң үлесиниң көлеми 50 процент муғдарда ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплерге енгизиледи.
Сондай-ақ, мәмлекетлик уйым ямаса басқа да шөлкем хызметкериниң жақын туўысқанлары, мәмлекетлик уйымның ямаса басқа да шөлкемниң хызметкери ҳәм (ямаса) оның жақын туўысқанлары қайсы юридикалық тәрептиң устав фондының акцияларына ямаса үлеслерине ийелик етсе, сол юридикалық шахс бул хызметкерге байланыслы шахс есапланатуғыны беккемленбекте.
Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлик шөлкем жумысында мәплер соқлығысыўын тәртипке салыўда ўәкилликли уйымлар белгиленбекте.
Буннан былай Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, мәмлекетлик шөлкемлердиң минез-қулық комиссиялары, кадрлар бөлимлери ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структуралары мәплер соқлығысыўын тәртипке салыўды әмелге асыратуғын уйымлар сыпатында беккемленбекте.
Нызамда мәмлекетлик шөлкем хызметкерлерине мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша шеклеўлер, мәплер соқлығысыўына байланыслы талапларды бузыўдың ҳуқықый ақыбетлери, мәплер соқлығысыўына жол қойған ҳалда қабыл етилген ҳәм дүзилген келисимлерди суд тәртибинде ҳақыйқый емес деп табыў тийкарлары, мәплер соқлығысыўына жол қойғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызамның әмелиятқа енгизилиўи мәплер соқлығысыўын тәртипке салыўдың анық нызамлы механизминиң белгилениўине хызмет етеди.
Сондай-ақ, бул нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде мәплер соқлығысыўын тәртипке салыўда мәмлекетлик қадағалаўдың әмелге асырылыўына, мәмлекетлик хызметкерлердиң тиккелей басшылар тәрепинен соқлығысыў жағдайлары жүзеге келгенде тийисли илажлар көрилиўине, мәмлекетлик хызметкерлер тәрепинен жүз бериўи мүмкин болған коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алды алыныўына ерисиледи.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине рәсмий емес бәнтликти қысқартыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, нызам халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўды буннан былай да күшейтиў, рәсмий емес бәнтлик үлесин қысқартыў, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Нызам менен Салық кодексине ҳәм «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққындағы» нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, жеке тәртиптеги исбилермен менен мийнет қатнасықларында болған физикалық тәреплер тәрепинен социаллық салық суммасының әмелдеги базалық есаплаў муғдарының 50 процентинен, буннан былай жыллық базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында салық төлейтуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, киргизилип атырған өзгериске бола, шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, балықшылық, бағшылық, лимон жетистириў, гүл жетистириў жумыс түрлери менен шуғылланып атырған пуқараларға оларға тийисли болған қыйтақ жер участкасы майданы ямаса олар тәрепинен тәрбияланып атырған үй ҳайўанлары ҳәм қуслардың санына қарамастан ықтыярлы тәртипте социаллық салықты төлеўге рухсат етилетуғыны белгиленбекте.
Сол себепли «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы нызамнан жер участкасы майданына қойылған талаплар шығарып тасланбақта.
Нызамның қабыл етилиўи мәҳәллелерде жумыссызлықты азайтыў ҳәм рәсмий емес бәнтликти қысқартыўға, рәсмий бәнтлер санының артыўына ҳәм пуқаралардың жумыс стажына ҳәм пенсия жасына жеткенде өзи ушын оптимал пенсияға ийе болыўы тәмийинлениўине хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың қырық биринши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Қарақалпақстан Республикасында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, оның экономикасын еркинлестириў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, инвестиция тартыў имканиятын арттырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы Қарақалпақстан Республикасының экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде қосымша илажлар көриў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам менен Салық кодексине Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мүлк салығы ҳәм жер салығы 2028-жыл 1-январьға шекем 50 процентке азайтылыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық тәреплер ушын социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленбекте, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленетуғын социаллық салық болса қалалар аймағында жумысын әмелге асырып атырған шахслар ушын 12 есеге, районлар дәрежесинде 6 есеге кемейтилмекте ҳәм жылына базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында белгиленбекте.
Сондай-ақ, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў процесине тартылатуғын сырт ел қәнигелери (муғаллимлери) консуллық жыйымын ҳәм турақлы жасаў ҳәм ўақтынша турған орны бойынша дизимнен өткерилгени ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажыны төлеўден 2027-жыл 1-октябрьге шекем азат етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Бул нызам Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық тартымлылығын арттырыўға, исбилерменликти раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериндеги билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, парламент жоқары палатасының бул жалпы мәжилисте «Экология ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў тараўларындағы нызамшылық жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Сенаторлар тәрепинен додаланған бул нызам менен экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында ҳуқықбузарлықларға қол урған айыпкер шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия уйымларына зәрүр ўәкилликлер берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия уйымларына Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексте белгиленген экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы 7 статьяда нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар тийислилиги белгиленбекте.
Бул жумысларды көрип шығыўға ҳәм жәрийма тәризиндеги ҳәкимшилик жаза қолланыўға ҳақылы болған лаўазымлы шахслар, сондай-ақ, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия уйымлары атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы билдириўди дүзиўге ҳақылы болған бул уйымлар структураларының лаўазымлы шахслары белгиленбекте.
Соның менен бирге, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия уйымлары лаўазымлы шахсларға экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы айырым ҳуқықбузарлықларға қол урған шахсларды ҳәкимшилик жол менен иркип турыў ўәкиллиги берилмекте.
Сенаторлар бул өзгерислер ҳәм қосымшалар қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылықтың сөзсиз орынланыўын, сондай-ақ, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын нәтийжели шөлкемлестириўде айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Бул нызам мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң экологиялық ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўде, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў жумысы үстинен нәтийжели қадағалаўды орнатыўда айрықша итибарға ийе болып есапланады.
Сондай-ақ, нызамның қабыл етилиўи тәбийғый ресурсларды, яғный суў объектлерине ақаба суўларды ағызыў, жер үсти суўларын, атмосфера ҳаўасын ҳәм қоршаған орталықты шығындылар менен патасландырыў жағдайларын келтирип шығаратуғын объект ямаса субъектлерге жедел илажлар көрилиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги