Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан гендер теңлик ҳәм мийнет базарында әмелий нәтийжелерге ериспекте

2023-05-23 | Жәмийет

Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў тараўында халықаралық стандартлар тийкарында миллий нызамшылық жетилистирилди. Бул бағдарда қырқтан аслам нызамшылық ҳәм әҳмийетли концептуаллық ҳүжжетлер қабыл етилди.

Усы тийкарда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқықлар менен имканиятлар жаратылмақта. Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орнын беккемлеўге, олардың билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўине итибар күшейди.

Мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў ҳәм ҳаял-қызлардың экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў, ҳәр қыйлы зорлықлардан қорғаў бойынша әҳмийетли илажлар көрилип атыр.

Ташкентте шөлкемлестирилген «Өзбекстанда гендер теңлик ҳәм мүнәсип мийнет жоллары» темасындағы халықаралық конференцияда усы ҳаққында сөз болды.

Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, Гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия тәрепинен Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда халықаралық шөлкемлер сондай-ақ, сырт еллердиң жүзден аслам қәниге ҳәм экспертлери, Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханалардың басшылары, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар сыяқлы гендер теңликти тәмийинлеў бойынша да әҳмийетли қәдемлер қойылғанын атап өтти.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўында бәнт болған халық арасында ҳаял-қызлардың үлеси 77 процентти, экономика ҳәм санаат тараўында 46 процентти қурамақта, 2 мыңға шамалас ҳаял-қыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларында жумыс алып бармақта.

Ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын имканиятлардың кеңейтилиўи  нәтийжесинде жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған ҳаял-қызлардың саны 6 есеге көбейди. Атап айтқанда, бакалавр бағдарында оқып атырған ҳаял-қызлардың үлеси 38 проценттен 49 процентке, магистратура басқышында оқып атырғанлар болса 37 проценттен 50 процентке артты.

Халықаралық экспертлер тәрепинен мәмлекетимизде мийнет қатнасықлары системасы пүткиллей реформаланғаны ҳәм мәжбүрий мийнеттиң сапластырылғаны, мүнәсип мийнет принциплери шеңберинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғаны жоқары баҳаланбақта.

– Жаңаланған Конституцияға муўапық социаллық мәмлекет тийкарлары беккемленди, бәринен бурын, ҳәр бир шахстың итибарда болыўы, мүнәсип жумыс пенен тәмийинлениўи нәзерде тутылды,-деди Т.Норбоева. – Жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң күшке киргени елимиздеги ҳәр бир шахстың мийнет ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтти. Мәжбүрий мийнетке жол қойылмаўы усы жаңа нызам ҳүжжетлеринде өз көринисин тапты. Ҳәр бир пуқара, әсиресе, ҳаял-қызлар, балалардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған жаңа нызам қабыл етилди. Шаңарақлық зорлықтың алдын алыў, бундай жағдайларға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкары жаратылды. Онда кең жәмийетшилик, пуқаралық институтларының ўәкиллери менен бирге ҳәрекет еткени өз нәтийжесин берди.

БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы Консуэло Видаль Брюс Өзбекстан халықаралық бирге ислесиўде әҳмийетли қәдемлер қойып атырғанан атап өтти. Мәжбүрий мийнетти сапластырыў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша сезилерли жетискенликлерге ерисилмекте.

Конференцияда Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бойынша Халықаралық мийнет шөлкеми менен бирге ислесиўдиң табыслы болып атырғаны атап өтилди.

2030-жылға шекем Өзбекстанда гендер теңликке ерисиў стратегиясының қабыл етилиўи бул бағдардағы жумысларды системалы, белгили бир мақсетке бағдарланған ҳалда әмелге асырыўға имканият жаратпақта.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық бюросының директоры Ольга Кулаева Өзбекстан мийнет базарында ҳаял-қызларға кең имканиятлар жаратылып атырғаны гендер теңликтиң тәмийинлениўи нәтийжеси екенин атап өтти.

Бул бағдарда Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте қабыл етилген Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген бағдарлама, мийнет тараўындағы сондай-ақ, өндирислик ҳәм техникалық бағдарлардағы халықаралық стандартларды мәмлекет экономикасына кеңнен қолланыў бойынша көрилип атырған илажлар әҳмийетли орын ийелемекте.

Илаждың жуўмақлары бойынша халықаралық конференция қатнасыўшыларының гендер теңликти тәмийинлеў, мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен енгизиў бойынша усыныслары ислеп шығылды.

Онда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық, сиясий белсендилигин арттырыў, социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм оларды зорлықлардан қорғаўға итибар қаратылды. Ҳаял-қызлардың билим алыўы, медициналық хызметлерден тең пайдаланыўы, олар ушын қәўипсиз ҳәм мүнәсип мийнет шараятларын жаратыўға итибар берилди. Мийнет ушын мүнәсип мийнет ҳақы төлеў ҳәм рәсмий емес бәнтликти қысқартыў ҳәм бул бағдардағы халықаралық стандартларды қолланыў жумысларын системалы даўам еттириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться