Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў илажлары додаланды

2023-05-22 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 22-май күни мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи системасын раўажландырыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Жаңа редакциядағы Конституциямыздың биринши статьясында Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгилеп қойылды. Бул бағдардағы ең үлкен тараўлардан бири билимлендириў болып есапланады. Оны избе-из раўажландырыў мақсетинде, ҳәкимшилик реформалар шеңберинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги шөлкемлестирилди. Системаны қурамлық оптималластырыў, заманагөй бағдарламаларды енгизиў, хызметкерлерди хошаметлеў илажлары көрилмекте.

Презентацияда бул бағдардағы режелер додаланды.

Атап өтилгениндей, баслаўыш классларда сырт ел тәжирийбеси тийкарында жаңа оқыў бағдарламасы енгизиледи. Жоқары классларда оқытылатуғын пәнлер 16 дан 11 ге азайтылып, бағдарламалардың пәнлераралық ҳәм класслараралық интеграциясы тәмийинленеди. Онда 11 мәжбүрий ҳәм 2 таңлаў пәни қолланылады. Жаңа оқыў жылынан информатика пәни 1-класстан үйретиледи.

Ҳәзирги ўақытта темалардың 70 проценти күнделикли турмыс пенен байланыстырылмаған. Енди пәнлердиң әмелий шынығыўлар үлеси 40 проценттен 60 процентке шекем арттырылады. Онда темалар анық машқаланы шешиў арқалы үйретиледи, әмелият сабақлары болса жойбарды орынлаў түринде өткериледи.

Мектеплерди маман кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде педагогларды сертификатлаў системасы жолға қойылады. Яғный, жумысқа кирип атырған педагог 1 жыл даўамында оқытыўшы-стажёр сыпатында жумыс алып барып, усы мүддетте сертификат алыўы керек болады.

Муғаллимлерге маманлық категориясын бериў бойынша сынақлар 2 басқышта шөлкемлестириледи. Биринши басқышта талабанның қәнигелик пәни бойынша билими, екиншисинде педагогикалық шеберлиги баҳаланады. Маманлық сертификатын алған педагоглардың айлық мийнет ҳақысына 70 процентке шекемги муғдарда үстеме төлениўи мүмкин.

Сондай-ақ, бақшаларға маман тәрбияшыларды тартыў ушын 2024-жыл 1-июньнен олардың мийнет ҳақысының ставкалары мектеп муғаллимлериникине теңлестириледи.

Улыўма билимлендириў мектеплерине бюджеттен тысқары қаржылардан еркин пайдаланыў ҳуқықының берилгени олардың материаллық жағдайын жақсылаў ҳәм муғаллимлерге қосымша ҳақы төлеў имканиятын бермекте. Енди бул тәртипти бақша ҳәм қәнигелескен мектеплер ушын да қолланыў мөлшерленбекте.

Маман басшылар орталығын қәлиплестириў мақсетинде аймақларда ең тәжирийбели директорлардан ибарат «Директорлар кеңеси» шөлкемлестириледи. Енди мектеп директорлары лаўазымға усы кеңес усынысы менен ашық таңлаў тийкарында тайынланады.

Сондай-ақ, министрликтиң район (қала)лық бөлимлериниң мектеплер жумысын тексериў ҳәм билимлендириўдиң сапасын баҳалаў ўәкилликлери сапластырылады. Жеке меншик мектеплерди шөлкемлестириўде қойылған талаплар жеңиллестириледи.

Мәжилисте балалардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, жеке меншик секторды тартқан ҳалда заманагөй дөгереклер ашыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, система жумысын трансформациялаў, муғаллимлердиң тәжирийбеси ҳәм хошаметин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться