Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

БМШ Аралбойында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады

2023-05-11 | Экология

Өзбекстан делегациясының АҚШқа рәсмий сапары шеңберинде Тәбият ресурслары министри Азиз Абдуҳакимов БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасының (БМШРБ) Европа ҳәм ҒМДА бойынша бюросы директоры И.Зивкович ҳәм БМШРБтың Тәбият, климат ҳәм энергетика бойынша директоры П.Курукуласурия менен ушырасты.

Ушырасыўда тәреплер әмелге асырылып атырған биргеликтеги бағдарлама ҳәм басламалар шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экосистемаларды тиклеў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўге итибар қаратты.

Соның менен бирге, БМШ тәрепи Аралбойында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды айрықша атап өтти. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен қабыл етилген ҳәм Аралбойы аймағын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасына айландырыўға қаратылған БМШ Бас Ассамблеясының Арнаўлы резолюциясын жоқары баҳалады.

Ушырасыў соңында Глобал экологиялық қоры  (GEF) ҳәм Жасыл климат қоры (GCF) грант қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар портфелин кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди, ҳәзирги ўақытта бул портфел улыўма баҳасы 20 миллион долларлық 7 грант жойбарын өз ишине алады.

Соның менен бирге, БМШРБ администрациясы Самарқанд қаласында болып өтетуғын БМШтың үш ири илажы – шөллениў бойынша глобал илаж (UNCCD CRIC-21), Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлап қалыўға байланыслы Конвенцияның 14-Тәреплер конференциясы (CMS COP-14) ҳәм Пүткил жер жүзилик туризм шөлкеми (UNWTO) Бас Ассамблеясының 25-сессиясына мирәт етилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться