Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қурылыс жойбарлары додаланды
2023-04-05 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент қаласы жойбарының концепциясы ҳәм пайтахттағы қурылыс жумысларына байланыслы презентация менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы 18-март күни Жаңа Ташкент қаласының жойбарына тырнақ тасын қойған еди. Бүгинги презентацияда оның биринши басқышы шеңбериндеги мәселелер көрип шығылды.
Бул басқышта 60 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, мәмлекетлик уйымлар ушын ҳәкимшилик имаратлар, бағлар, социаллық ҳәм экономикалық объектлер қурылыўы режелестирилген. Оларды жайластырыў ҳәм барлық жумысларды муўапықластырыў ушын дирекция дүзилди. Сырт ел мегаполислериндеги урбанизация ҳәм қурылыс тәжирийбеси үйренилди.
Соған муўапық, Жаңа Ташкентти администрация, экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият сыяқлы 5 негиз тийкарында қурыў мөлшерленбекте. Олардың ҳәр бири системадағы буўынлар ҳәм төменги шөлкемлерди өз ишине алады.
Презентацияда қурылыс процесиниң «жол картасы» бойынша да мәлимлеме берилди. Әлбетте, бундай үлкен жойбарды әмелге асырыў ушын жумыс, бәринен бурын, инфраструктура жаратыўдан басланады. Атап өтилгениндей, онда заманагөй урбанизация қатнаслары, «ақыллы» технологиялар қолланылады. Мәселен, «үш-генерация» станциясы қурылып, ҳәм электр ислеп шығарылады, ҳәм имаратлар қыста ысытылып, жазда суўытылады. Барлық электр, байланыс тармақлары, газ ҳәм суў қубырлары жердиң астынан өткериледи.
Қалада инфраструктура, турмыс ҳәм экология тең салмақлы болады. «Ташкенттиң жасыл белбеўи» жойбары усы жерден басланады. Пиядалар ҳәм велосипедшилердиң еркин ҳәрекетлениўи ушын қолайлы шараят жаратылады. Усы мақсетте автомобильлер ушын жер асты автомобильлер турыў орынлары, 14 заманагөй туннель, Шыршық ҳәм Қарасуў дәрьяларының үстинде 7 көпир қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы болажақ қалада «инсан қәдири» принципин енгизиў, ҳәр қыйлы жастағы адамлардың мүтәжликлерин инабатқа алып, барлық қолайлықларды жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти. Имаратларды эксплуатациялаў ҳәм транспортлар ушын қолайлы жайластырыў, жасыл аймақлар көп болыўына айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Презентациядағы және бир жойбар Ташкент жер үсти метросының астында саўда ҳәм хызмет шақапшаларын жайластырыў ҳаққында болды. Соның ишинде, бул транспорт объектиниң Яшнабад районындағы бөлиминде 4 километр бос орын бар. Ол жерде жасыл аймақлар, автомашиналар турыў орынлары, воркаут майданшалары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў мүмкин. Бул бойынша Берлин қаласының тәжирийбеси үйренилген.
Бул аймақларды лотларға ажыратқан ҳалда ижараға бериў, қәўипсизликти тәмийинлеп, халық ушын қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги