Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қарақалпақстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы жаңа басқышқа алып шығылады

2023-03-31 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына келди.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан Республикасына сапарын Кегейли районындағы «Ақтуба текстиль» кәрханасынан баслады.

Бурын бул районда санаат улыўма жоқ еди. Экономиканы структуралық өзгертиў бойынша исленип атырған жумыслар, аймақлараралық бирге ислесиў нәтийжелери бул жерде де сезилмекте. Атап айтқанда, әндижанлы исбилерменлер менен биргеликте үш жойбар иске қосылды.

Олардан бири – «Ақтуба текстиль» жылына 3 миллион данадан аслам трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Буның ушын Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер келтирип орнатылған. 500 жумыс орны жаратылған. Жылына 6 миллион доллар муғдарындағы өнимди экспорт етиў режелестирилген.

Президентимиз кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшы ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Шетки аймақларда бундай жаңа кәрханалардың ашылып атырғаны, ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленип атырғанының әҳмийетин атап өтип, буны даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Кәрхананың өзинде кәсип-өнерге қайта таярлаў оқыў орайы шөлкемлестирилген.

Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық жақтан раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерилди.

Илаж алдынан 6 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болды. Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райҳон аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут хотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслердиң потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1 100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, бул жаңа кәрханаларды иске қосты.

Бул негизинде Қарақалпақстан Республикасындағы раўажланыўдың избе-из даўамы болып табылады. Кейинги алты жылда аймақта 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылған. Исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 46 мың турақлы жасаў орны жаратылған. Бурын санааты ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге артып, Қарақалпақстандағы үлеси 12 процентке жеткен.

Улыўма етип айтқанда, бул дәўирде Қарақалпақстанда санаат 1,3 есеге өсип, 61 түрдеги жаңа өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылған. Әсиресе, химия, қурылыс материаллары, азық-аўқат, текстиль ҳәм тоқымашылық, фармацевтика санааты өнимлерин таярлаў 2 еседен зыят өскен.

Өткен жылы 31-августта мәмлекетимиз басшысының «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм үлкен бағдарлама қабыл етилген еди. Буған тийкарланып 2023-жылдың өзинде 670 миллиард сум ҳәм 340 миллиард доллар қаржылар ажыратылды.

Исбилерменлерге тартымлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде пайда, айланыстан салық, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге пәсейтилди, социаллық салық 1 процент етип белгиленди. Бул арқалы Қарақалпақстанның барлық исбилерменлери ықтыярында жылына 500 миллиард сум қалды.

Тек ғана бул аймақ исбилерменлерине коммерциялық кредитлердиң 75 процентине Исбилерменлик қорының кепиллиги берилетуғыны белгиленди. Бундай имканиятлар тараўлардың раўажланыўына қосымша түртки берди.

– Биз бир ел ҳәм бир халықпыз! Ҳәмме ўәлаятлар Қарақалпақстанды раўажландырыўға өз үлесин қосыўға бел байлаған. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, уйым ҳәм банклердиң басшылары бириктирилген. Буның нәтийжелери барлық районларда көринип атыр ҳәм бул жумыслар тоқтамайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған үш жаңа басламаны билдирди.

Бириншиси, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Буның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры дүзилип, оған усы жылы 250 миллиард сум қаратылады.

Екиншиси, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер таярлап бериледи.

Үшиншиси, халықтың талабын есапқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша, заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихтан жер ажыратылады.

Мәжилисте жумыс орынларын көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық инфраструктураны жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстанда 72 мың рәсмий жумыссыз бар. Ҳәр жылы 43 мың жаслар мийнет базарына кирип келеди. Соларды есапқа алып, 193 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанды «жумыссызлықтан жырақ аймақ»қа айландырыў мақсет етип қойылды. Бул бағдарда ири кәрхана ҳәм кластерлер, кәншилик, шаңарақлық исбилерменлик, жумысты үйге алып ислеў ҳәм аўыл хожалығыныдағы имканиятлар көрсетип өтилди.

Азық-аўқат өнимлери мол ҳәм арзан болыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылы халыққа 6 мың 600 гектар жер берилген еди, усы жылы және 6 мың гектар ажыратылмақта. Бул арқалы гешир, пияз, картошка сыяқлы күнделикли өнимлерге мүтәжлик қапланады. Бостан каналын бетонлаў есабынан Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларында 100 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланады. Атыз шетлеринде 3,6 мың гектарда қабақ, жүзим ҳәм мийўе-овощ жетистирип, 42 мың тонна өним алынады.

Қарақалпақстанда 51 мектепте оқыўшылардың саны нормадан 2 есеге көп. 208 мәҳәлледе ишимлик суўы тәмийнаты жақсы емес. 120 километр магистраль ҳәм ең көп қатнайтуғын 600 километр ишки жолларды оңлаў керек. Сол себепли 9 районда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, мектеп ҳәм емлеўханаларды оңлаўға, соның ишинде, ыссылық тәмийнатына қосымша қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.

Жолларды оңлаў, электр энергиясының жетиспеўшилик илажларын көриў бойынша да көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстанлы белсендилер бул ўазыйпаларды орынлаў өзлерине байланыслы екени, ҳәмме бирлесип жумыс ислесе, нәтийжелер және де жақсы болатуғынын атап өтти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында миллетлераралық татыўлыққа бағышланған мәдений илаж болды. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Дерлик жүз жыллық тарийхқа ийе бул мәкеме көркем өнердиң раўажланыўында, жаслар тәрбиясы ҳәм халықтың мәдений турмысында мүнәсип орынға ийе. Кейинги жылларда театр ағымда оңланып, әсбап-үскенелер жаңаланды. 2017-жылы оған академиялық театр статусы берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жасы үлкенлер, көркем өнер тараўының ўәкиллери менен бирге көркем өнер бағдарламасын тамашалады.

Қарақалпақстанда көплеген миллет ўәкиллериниң халқы да татыў жасамақта. Бағдарламада усы тәрепи тәсиршең талқылаўларда сәўлеленеди. Халық дәстанларынан үзиндилер, «Шағала», «Дембермес», «Нигарым» сыяқлы көплеген қосық-намалар атқарылды. Әлийшер Наўайы, Бердақ, Мақтумқулы ҳәм Абай дөретиўшилигинен үлгилер оқылды. Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов қәлемине тийисли «Туўысқанлық» қосығы ҳәм «Өзбекстан» қосығында миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик, тынышлықтың қәдири жырланды.

Президентимиз усы жерде қарақалпақстанлы дөретиўшилер, мәденият тараўының ўәкиллери менен сөйлести. Көркем өнер бағдарламасын жоқары баҳалады.

Өзбек ҳәм қарақалпақлар еки тилли бир ел. Әсирлер даўамында бирге жасап, дос, туўысқан болып, бир халыққа айланып кеткен. Олар бүгин мәмлекетимиз тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында шерик. Бул тек ғана сахнада емес, ал турмысымызда да өз көринисин таппақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул қәдириятларды улығлайтуғын шығармаларды көбирек оқыў, гастрольларға шығып, жасларды театрға қайтарыў, мәдениятты байытыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди.

Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Атап айтқанда, компьютер билимданлығы, график дизайни, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 бағдарда жылына 1 мың 500 жигит-қызлар билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған.

Ҳәзирги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап түрине келтирилип, «Болажақ илимпаз», «Technoways», «Start 4 Region» сыяқлы таңлаўларға 50 ге шамалас жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, «Арал теңизиниң қурғақшыл аймағында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў» атамасында улыўма баҳасы 955 миллион сум муғдарында жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды үнемлеў ҳәм дузды азайтыўға хызмет етеди.

Улыўма етип алғанда, бул технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетилистириўге жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың кептирилген органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық от-шөплер жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған.

Президентимиз бул жойбарларды финанслық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў керек екенин атап өтти.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласындағы Алтын жағыс мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Бул жерде 4 мыңнан аслам халық жасайды. Мәҳәллелердеги мәнзилли жумыслар Алтын жағыста өз нәтийжесин бермекте. Жақын-жақынға шекем бул мәнзил транспортлар барыўы қыйын, коммуникация тармақлары аз жер еди. Өткен жылы бул жер «Абат мәҳәлле» бағдарламасына киргизилип, кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Жол, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм газ тармақлары жаңаланды.

Мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, оның әтирапында балалар майданшалары, медициналық пункт, исбилерменликке жәрдемлесетуғын орай, саўда шақапшасы шөлкемлестирилди. Заманагөй спорт комплекси қурып питкерилмекте. Бундай тутас комплекс халыққа қолайлық жаратады.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги өзгерислерди көзден өткерди, халық пенен сәўбетлести.

– Мәҳәллеңиз абат болғанын, адамлар жүзиндеги разылықты көргенимнен қуўанышлыман. Буны ҳәмме жерде даўам еттиремиз. Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын усы жылы 1,5 триллион сум берип атырмыз. Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Машқаланы мәҳәллениң өзи көтерсин, өзине пул берейик, өзи қадағаласын. Сонда сапа ҳәм мәп болады. Адамлар разы болады, – деди Президент.

Бул жерде де исбилерменликти қоллап-қуўатлап, жаңа жумыс орынларын жаратыўға итибар қаратылмақта. Мәҳәллениң жери өнимдарлы емес. Халық тийкарынан хызмет көрсетиў арқалы дәрамат алады. Мәҳәлледе турмыслық хызмет шақапшалары, тигиўшилик кәрханалары, нан жабатуғын жер, мебель қурылысы ҳәм техникалық хызмет көрсетиў устаханалары бар. Келешекте қояншылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў режелестирилмекте.

Мәҳәлле менен танысыў узақ даўам етти. Мәмлекет басшысы жергиликли турғын Қуўанышбай Сейтназаровтың шаңарағында ифтарлық етти.

Елимизди Наўрыз байрамы еле тәрк етпеген. Президентимиз мәҳәлле халқының сүмелек сейилинде қатнасты.

Шавкат Мирзиёев усы жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен де сәўбетлести.

Дерек: ӨзА

Поделиться