Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Банклер капиталына сырт ел инвестициялары тартылады

2023-03-29 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 28-март күни «Асакабанк» ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк»  капиталына сырт елли инвестицияларды тартыў бойынша презентация менен танысты.

Экономиканың өсиўинде банк системасының әҳмийети үлкен. Елимизде бул тараўдағы реформалар нәтийжесинде кейинги үш жылда, банклердиң улыўма кредитлериниң көлеми 2 есеге, капитал көлеми 1,6 есеге артқан.

Банклеримиз дәслепки мәрте абырайлы халықаралық кредит рейтинглерине ийе болып, халықаралық базарларда евробондлар жайластырды. Жеке меншик банклер де көбейди.

Сондай-ақ, Венгрия, Грузия, Түркияның абырайлы банклери Өзбекстанға кирип келди. «Ипотека-банк» реформаланғаны нәтийжесинде оның капиталына стратегиялық сырт елли инвестор инвестиция киргизди.

Бул жумысларды даўам еттирип, «Асакабанк» ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк»ке де сырт елли инвестициялар тартыў режелестирилген. Усы мақсетте халықаралық финанс институтлары менен биргеликте бул банклерге 30 маман халықаралық қәнигелер алып келинди.

2023-жыл даўамында «Өзсанаатқурылысбанк» капиталына 125 миллион доллар, «Асакабанк»ке 100 миллион доллар қаржы тартылыўы нәзерде тутылмақта. Банклердиң операциялық жумысында заманагөй программалық IT өнимлер ҳәм 100 ден аслам жаңа банк хызмет түрлери енгизиледи.

Әмелге асырылатуғын жумыслар нәтийжесинде 2027-жыл нәтийжелери бойынша «Өзсанаатқурылысбанк» дәраматы 1,61 есеге, кредит портфели 1,74 есеге артыўы нәзерде тутылады. «Асакабанк»те депозитлер 1,71 есеге, банк активлериниң көлеми болса 1,72. Ең әҳмийетлиси, усы ҳәм басқа да Өзбекстан банклерине халықаралық финанс базарларында исеним ҳәм олардың жумысында қатнасыў ушын сырт елли инвестор ҳәм бирге ислесиўшилердиң қызығыўшылығы артады.

Презентацияда бул процесске халықаралық консультантларды мирәт етиў, олардың капиталын арттырыў ҳәм қосымша инвестициялар тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться