Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Меншиклестириў бағдарындағы ўазыйпалар белгиленди

2023-03-24 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 24-март күни мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў жумысларының орынланыўы ҳәм бул бағдарда усы жылғы режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Меншиклестириў – экономикада мәмлекеттиң қатнасын азайтып, мүлк ийелериниң көбейиўине жол ашады. Усы мақсетте елимизде бул тараўда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, өткен он жылда 1,2 триллион сумлық мәмлекетлик активлер сатылған болса, 2022-жылдың өзинде бул көрсеткиш 11,3 триллион сумға жетти. Яғный, соңғы бир жылда он жыл даўамында исленген жумыслардан 10 есе көп нәтийжеге ерисилди.

Меншиклескен мүлклердиң нәтийжелилиги де артпақта. Мысалы ушын, узақ жыллар ислемеген Әндижан тәжирийбе сынаў заводы тийкарында 18 миллион доллар инвестиция есабынан тоқымашылық кәрханасы шөлкемлестирилип, мың жумыс орны жаратылған, 40 миллион долларлық өним экспорт етилген. Қоқанд суперфосфат заводын сырт ел ивесторы алып, 40 миллион доллар инвестиция киргизген, өндирис көлемин 4 есеге арттырған. «Ипотека банк» 324 миллион долларға ҳәм «Кока-кола» компаниясындағы мәмлекетлик үлес 252 миллион долларға сатылғаны да соңғы жыллардағы ең ири келисимлер болды.

Бул бағдардағы жумыслар барлық жерде де бир тегис болып атырған жоқ. Мәселен, Ташкент ўәлаятында 112 объект сатылып, олардың тийкарында 150 исбилерменлик субъекти ҳәм мыңнан асдам жаңа жумыс орны пайда болған. Бирақ, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрьяда өткен жылы саўдаға шығарылған мүлклердиң 30 проценти де сатылмаған. Тармақлар кесиминде айтқанда, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясының қурамындағы мүлклердиң меншиклестирилиўи төмен.

Улыўма, усы жылдың басында 30 мыңнан артық мәмлекетлик объектте өткерилген хатлаў бул бойынша жумыслар еле көп екенлигин көрсеткен.

Соның ушын бүгин мәмлекетимиз басшысының қарары менен меншиклестириў бағдарламасы тастыйықланды. Онда үш бағдарда – акция, көшпес мүлк ҳәм IPO бойынша меншиклестириў режелери белгиленген.

Бириншиден, 1 мың кәрханадағы мәмлекетлик акция пакетлери сатыўға қойылады.

Екиншиден, 1 мың көшпес мүлк объектлери ғалабалық саўдаларға қойылады. Оларда 600 гектар жер ҳәм 1 миллион квадрат метрлик имарат-объектлер бар. Ең әҳмийетлиси, инфраструктура менен тәмийинленген ҳәм елатлы пунктлерге жақын.

Бул объектлерди сатыўды тезлестириў ушын мүлклерди сатыўға таярлаў мүддети ҳәзирги 80 күннен 48 күнге қысқартылады. 2 мың квадрат метрге шекемги объектлерди исбилерменлердиң мүрәжаты тийкарында тиккелей саўдаға шығарыўға руқсат бериледи.

Үшиншиден, 40 ири кәрхана ҳәм банклердеги мәмлекеттиң үлеси «Халықшыл IPO» арқалы сатылады. Соның ишинде, биринши мәрте Наўайы ҳәм Алмалық комбинатлары, Металлургия комбинаты, «Өзтелеком», Миллий банк, Санаатқурылысбанк сыяқлы ири кәрханалардың орташа 2 процент акциялары халыққа бериледи. Онда халыққа акцияларды тиккелей сатып алыў имканияты жаратылады. Акциялары сатылған кәрханалар бес жыл даўамында сап пайдасының кеминде 30 проценти дивидент төлеўге қаратады.

Есап-санақларға бола, бул бағдарлама нәтийжесинде усы жылы 13 триллион сум түсим тәмийинленеди, 3 мың жаңа кәрхана шөлкемлестириў ҳәм 50 мың жумыс орнын жаратыў имканияты пайда болады.

Мәжилисте усы ўазыйпалар барлық аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде додаланды. Жуўапкерлер бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша есабат берди.

Меншиклестирилетуғын мәмлекетлик мүлклердиң имканиятын халық ҳәм исбилерменлер арасында үгит-нәсиятлаў, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде оларға жәрдемлесиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ири мәмлекетлик компанияларды капитал базарға алып шығыў, инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться